Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2020-жыл 28-майдағы «Кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетистирилиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында  мәмлекет бойлап кексе әўлад ўәкиллериниң саяхат етиўин хошаметлеў мақсетинде ноябрь айы «Кекселер туризм айлығы», деп жәрияланған.

Бул қарардың орынланыўы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен әўлад ўәкиллерине мүнәсип итибар қаратыў мақсетинде бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, нураний ата ҳәм аналардың елимиздеги ески қалалар, археологиялық объектлер, дыққатқа ылайық орынлар, мәденият орайларына саяхаты шөлкемлестирилмекте.

Алдын Нөкис қаласындағы мәҳәлле пуқаралар жыйынларында жасайтуғын бир топар кексе ата ҳәм аналар ҳәмде қорғаныў системасы ветеранларының И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекет көркем өнер музейине саяхат шөлкемлестирилди. Нуранийлар бул жерде қарақалпақ халқының тарийхы, этнографиясына байланыслы  экспонатлар, музей коллекциясынан орын алған айрықша сүўретлеў көркем өнер дөретпелери менен жақыннан танысты. Саяхат қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.

 

ӨзА