Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының усы жыл 11-ноябрьдеги буйрығы бойынша 22-26-ноябрь күнлери Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалын сыртқы баҳалаўдан өткериў режелестирилген еди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелерин  және мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалын гезектеги аккредитациялаў мәселеси бойынша сыртқы баҳалаў процеси басланды.

Дәслеп, экспертлер комиссиясының ағзалары, институт басшылары, деканлар, бөлим ҳәм кафедра баслықлары қатнасында күн тәртиби кестесине муўапық  илаж болып өтти. Оны филиал директоры А.Аяпов басқрып барды. Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының бөлим баслығы  Р.Рузметов сөзге шығып, сыртқы баҳалаў процесин сапалы ҳәм қалыс өткериў, бул процесстиң өзине тән өзгешеликлери, соңғы жыллары жоқары оқыў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын буннан былай да жақсылаў  бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Сыртқы баҳалаў процесслеринен гөзленген мақсет- билимлендириў мәкемелеринде кадрлар таярлаўдың мазмуны, дәрежеси ҳәм сапасының билимлендириў стандартлары, мәмлекетлик билимлендириў талапларына және оқыў бағдарламаларына муўапықлығын анықлаўдан ибарат.

Илаж соңында режеге тийкар ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги