Усы жылдың 25-октябрь ҳәм 3-ноябрь күнлери аралығында улыўма билим бериў мектеплериндеги дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылардың жумысларын муўапықластырыў, олардың билим ҳәм тәжирийбелерин сынақтан өткериў, тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, белсенди үгит-нәсиятшылардың жумысларын кеңнен сәўлелендириў арқалы оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Үлгили үгит-нәсиятшы» таңлаўының Нөкис қалалық ҳәм районлық басқышлары өткерилген еди. Бул басқышта республикамыздағы 730 мектептеги дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылардың 17си жеңимпаз болып, республикалық басқышқа жоллама алды.

Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте усы жыл 23-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында «Үлгили үгит-нәсиятшы» таңлаўының республикалық басқышы өткерилди.

Онда тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, Нөкис қаласы ҳәм районлардағы улыўма билим бериў мектеплериниң дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылары қатнасты.

Таңлаўдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслардың, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 26-март күнги «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында улыўма орта билим бериў мектеплеринде енгизилген дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 26-март күнги «Мәнаўият ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қорын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ҳәм «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары тийкарында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жанында арнаўлы қор дүзилип, мақсетли қор тәрепинен ажыратылған қаржылар елимиздеги усы сыяқлы руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилиги ҳәм тәсиршеңлигин арттырыўға қаратылмақта.

Республикалық басқыш белгиленген шәртлер тийкарында өткерилип, қатнасыўшылардың шығыўлары тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң қәнигелеринен дүзилген төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Қатнасыўшылар биринши шәртте заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда өз мектеплериниң оқыўшылары арасында әмелге асырған дөретиўшилик жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берди. Екинши ҳәм үшинши шәртлерде өзлериниң дөретиўшилиги, төрешилер тәрепинен усынылған өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятының белгили ўәкиллериниң өмири ҳәм дөретиўшилик жумыслары туўралы аўызша мағлыўматлар берди.

Таңлаў жеңимпазлары анықланып, Кегейли районындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Әбдирахман Қойлыбаев биринши, Қанлыкөл районындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебиниң дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Гүлмийра Узақбергенова екинши, Мойнақ районындағы 8-санлы STEAM пәнлерине қәнигелестирилген инновациялық мектептиң дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Венера Садуллаева үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазларға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, бес, үш ҳәм еки миллион сумлық пул сертификатлары берилди.

Сондай-ақ, таңлаўдың «Ең заманагөй үгит-нәсиятшы», «Ең жақсы дөретиўши үгит-нәсиятшы», «Ең зийрек үгит-нәсиятшы», «Ең ағла үгит-нәсиятшы», «Ең белсенди үгит-нәсиятшы» номинацияларының жеңимпазлары да анықланып, олардың ҳәр бирине диплом ҳәм бес жүз мың сумлық пул сертификатлары тапсырылды.

Бир топар белсенди қатнасыўшылар да ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлери