Халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң депутаты Тамара Юсупова райондағы «Юқори қишлоқ», «Тасқала» ҳәм «Бесаўыл» мәҳәллелеринде сайлаўшылар менен ушырасты.

Депутат усы ушырасыўларда сайлаўшыларға мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, соңғы бес жылда Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша исленген жумыслар туўралы мағлыўматлар берди. «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» деген принцип тийкарғы идея ҳәм бас бағдар сыпатында белгилеп алынғанлығын атап өтти.

Сайлаўшылардың машқалалары менен танысып, айырым машқалалы мәселелерди үйрениў ҳәм районлық Кеңестеги жуўапкер комиссияларға сораўнамалар киргизиў мақсетинде белгилеп алды.

Аймақтағы «Темир дәптер»ге киргизилген айырым шаңарақлардың перзентлерине өзи басшылық етип атырған кәрхана тәрепинен таярланған ыссы кийим-кеншеклерди саўға ретинде тарқатты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги