Дүнья сиясатшылары ҳәм ҳуқықтаныўшылары коррупцияны ядро қуралынан да қәўипли қурал сыпатында атап көрсеткен. Олардың пикиринше, терроршылар ядро қуралына ийе болыўы ушын керекли адамларды сатып алыўының өзи жеткиликли екен.

Солай екен бүгинги күни жәмийетимизде орын алып турған коррупция иллети елимиз экономикасының алға қарай раўажланыўы, кадрлар сапасының төменлеўи, шөлкемлескен жынаятшылықтың терең тамыр атыўы ақыбетинде барлық тараўлардың «ақсаўы»на алып келеди.

Мәмлекетимиз 2008-жылдың 7-июль сәнесинде БМШ тың  Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясы, 2010-жылдың март айында Экономикалық шериклик ҳәм раўажланыў шөлкеми шеңберинде қабыл етилген Стамбул режесине (2003-жыл 10-сентябрде) қосылған. Сондай-ақ, Олий Мажлис тәрепинен Жынайый дәраматларды легалластырыў ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топары ҳаққындағы питим (Москва, 2011-жыл, 16 июнь) 2011-жылдың 13-декабринде ратификациялаған.

2017-жылдың 4-январынан баслап болса мәмлекетимизде «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызам күшке кирди.

Усы нызам тийкарында, мәмлекетимизде Бас прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысларды әмелге асырады.

Усылар менен бир қатарда, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес ҳәм басқа да шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралар коррупцияға қарсы гүресиўде белсене қатнасады.

Соның менен бирге, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысты әмелге асырыўшы ҳәм онда қатнасыўшы уйымлар ҳәм де шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырыў ушын Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәкемелер аралық комиссиясы шөлкемлестирилген.

Өзбекстан Республикасында пара алғаны ушын ең кем ис ҳақының 50 есесинен 100 есесине шекемги муғдарда жәрийма яки белгили бир ҳуқықтан маҳрум етилген ҳалда 5 жылға дейин азатлықтан маҳрум етиў жазасы белгиленген. Бул жынаятлар аўырластырыўшы жағдайларда исленсе 10 жылдан 15 жылға дейин азатлықтан маҳрум етиў жазасы тайынланады.

Егер, шаxсқа қарата пара сорап таўламашылық исленген болса яки бул шаxс жынайый ҳәрекетлер исленгеннен соң бул туўралы өз ерки менен арыз етсе, шын кеўилден пушайман болып, жынаятты ашыўда белсенди жәрдем көрсеткен болса, жуўапкершиликтен азат етиледи.

Ал, пара бериў жынаяты ушын ең кем ис ҳақының 50 есесине шекемги муғдардағы жәриймадан 5 жылдан 10 жылға дейин азатлықтан маҳрум етиўге шекемги жаза тайынланады.

Пара алыс-беристе дәлдалшылық еткени ушын болса, ең кем ис ҳақының  50 есесине дейинги муғдардағы жәриймадан 5 жылдан 8 жылға шекем азатлықтан маҳрум етиў жазасы белгиленген. Егер, дәлдалшылық еткен шахс жынайый ҳәрекетлерди ислегеннен соң бул туўралы өз ерки менен арыз етсе, шын кеўилден пушайман болып, жынаятты ашыўда белсенди жәрдем көрсеткен болса  жуўапкершиликтен азат етиледи.

Бүгинги күни Жаңа Зеландия, Дания,Финландия, Норвегия, Швеция, Сингапур, Швейцария, Люксембург, Нидерландия, Германия сыяқлы еллер коррупциясыз мәмлекетлер рейтингинде жоқары орынларды ийелеп тур. Бул болса, усы жоқарыда аты аталған мәмлекетлердиң экономикасының қай дәрежеде раўажланғанынан дәрек береди.

Әлбетте, елимиздиң бул мәмлекетлер қатарына кириўи ушын  пүткил жәмийетшилигимиз коррупцияға қарсы гүресте белсендилик көрсетиўи, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм  ғалаба хабар қураллары  өз-ара бирге ислесиўин еле де күшейтиў, аймақларда орын алып киятырған ҳәкимшилик-буйрықпазлық тосықларды сапластырыў зәрүр деп ойлаймыз.

 

А. Оразов,

Нөкис районлық ХББ не қараслы 18-санлы мектептиң

 Дөретиўшилик-мәдений ислер бойынша үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги