Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-марттағы қарары менен Республика ҳаял-қызлар жǝмийетлик кеңеси шɵлкемлестирилип, усы кеңестиң қарары менен «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўын ɵткериў белгиленген еди.

«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўын ɵткериўден мақсет – жǝмийетте ҳǝм турмыста белсенди ҳаялларды анықлаў, олардың жумысларын кең жǝмийетшиликке жақыннан таныстырыў, ис тǝжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў ҳǝм ҳаял-қызларға үлги етип кɵрсетиў, олардың ɵз кǝсибине болған пидайылығын, дɵретиўшилик қǝбилетин хошаметлеў, шаңарақта ҳǝм перзентлер тǝрбиясында үлги болыўы менен бирге, жǝмийетлик турмыста белсенди қатынасып киятырған түрли тараў ийелери болған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳǝм оларды хошаметлеў болып есапланады.

Елимизде  Банклер аралық, атап айтқанда Қарақалпақстан Республикасы Агробанк АКБ аймақлық филиалының Кредитлерди басқарыў бɵлиминиң менеджери Улбосын Еримбетова Ташкент қаласында ɵткерилген «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўында қатынасып, «Жылдың ең тартымлы банк хызметкери» номинациясы жеңимпазы болды.

                               

– Мениң бул кишигрим мийнетим инабатқа алынып «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўында жеңимпаз болғанымнан жүдǝ қуўанышлыман ҳǝм соның менен бирге ɵз гезегинде мени жақыннан қоллап-қуўатлаған кǝсиплеслериме, устазларыма ɵзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Бүгинги билдирилген исеним мени алдағы ўақытлары кǝсибимди еле де терең меңгериўге, жаңа идеялар менен «Жаңа Ɵзбекстанда» үлкен жетискенликлерге жетеклейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги