Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары тәрепинен республикамыз аймағында нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына қарсы кең көлемли илажлар әмелге асрылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен биргеликте Төрткүл районы амағында оператив илаж өткерилди. Илаж даўамында пуқара Х.Ш. оператив хызметкерлер тәрепинен тоқтатылып, қалыс гүўалардың қатнасында тексерилди. Нәтийжеде оның жанынан қара реңли пакетке оралған  жәми 2990 дана «Трамадол Ланнахер 50 мг» жазыўлы нәшебетлик дәри бар екенлиги анықланды.

Ҳәзир бул жағдай бойынша тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги