UzAuto Motors компаниясы Chevrolet Captiva 5 автомобильлерин жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзиўди тоқтатты.

Бул ҳаққында компанияның баспасөз хызмети хабар бермекте.

«Жүзеге келген жағдай компания тарийхында биринши мәрте жүз бериўи, бирақ, бизлер бүгинги күнде жәҳән автомобиль санааты аўыр күнлерди бастан өткерип атырғаны да бизлердиң компаниямыз да буған киретуғыны бир неше мәрте хабар бергенбиз», – делинген хабарда.

Компания жүзеге келген қолайсызлықлар ушын кеширим сораған. Қарыйдарлардың мүрәжатынан кейин 3 күн ишинде дүзилген шәртнамалар бойынша төленген барлық қаржылар толық қайтарылады. Сондай-ақ, компания қосымша тәризде алдыннан төлем суммасының 5 процентин компенсация сыпатында усынады.

Буннан тысқары, жаңа кроссовер сатып алыў талабында болған қарыйдарлар өзлериниң қәлеўи бойынша, Captiva  5 автомобильи орнына Equinox ямаса Tracker модельлерин сатып алыў мүмкин екенлиги айтылған. Алмастырылған автомобильлерди жеткерип бериў мүддети Captiva 5 ушын дүзилген шәртнамаларға муўапық, 2022-жыл январь айынан кешиктирмеген ҳалда әмелге асырылады.

Сондай-ақ, жоқарыда көрсетилген мүддет тийкарында Chevrolet Captiva 5 автомобили орнына Malibu, Cobalt ямаса Trailblazer автомобильлерин сатып алыў имканиятын көрип шығыў усыныс етилген.

 

Шаҳноза Маматуропова,

ӨзА