19-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлар басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Жалпы мәжилис Парламент жоқары палатасының рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринде жанлы эфирде узатылды.

Дәслеп сенаторлар «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Конституциялық нызамды көрип шықты.

Атап өтилгениндей, бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимизде айрықша жағдай жүз бергенде пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда бағдарлама болып хызмет етеди.

Нызамда айрықша жағдайды енгизиўде жүзеге келетуғын мүнәсибетлерди тәртипке салыўға қаратылған нормалар сәўлелендирилген. Атап айтқанда, айрықша жағдайды енгизиў шәртлери ҳәм тәртиби, қолланылатуғын шаралар ҳәм шеклеўлер, айрықша жағдай әмел ететуғын дәўир ушын енгизилетуғын арнаўлы мәмлекетлик басқарыў уйымлары, айрықша жағдай шараятында физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, сондай-ақ, лаўазымлы шахс ҳуқықларының кепилликлери, айрықша жағдай шараятларында судлардың жумысын тәртипке салыўшы ҳәм басқа да арнаўлы қағыйдалар беккемлеп қойылмақта.

Нызамда айрықша шаралар, олардың тәсири шеңбери, Өзбекстан Республикасы пуқаралары, шет ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар, юридикалық тәреплердиң ҳуқық ҳәм еркинликлерине орнатылып атырған ўақтыншалық шеклеўлер, оларға жүклетилип атырған қосымша миннетлемелер, күшке кириў ўақты ҳәм де әмел етиў мүддети сыяқлы бир қанша илажлар тәртипке салынбақта.

Нызамда айрықша жағдай енгизиў мақсетлери анық белгилеп берилди. Оның мақсети ­ пуқаралар қәўипсизлигин тәмийинлеў, конституциялық дүзим ҳәм аймақлық бир пүтинликти қорғаў.

Нызам менен республика бойынша енгизилетуғын айрықша жағдайдың әмел етиў мүддети отыз суткадан, оның айырым жерлеринде енгизилетуғын айрықша жағдайдың әмел етиў мүддети болса алпыс суткадан асыўы мүмкин емес. Егер айрықша жағдайды енгизиў мақсетлерине ерисилмеген болса, айрықша жағдайдың әмел етиўи Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен және бир мүддетке узайтылыўы мүмкин. Лекин, бул пәрман парламент қоспа мәжилисинде тастыйықланыўы белгиленбекте.

Соның менен бирге, нызамда айрықша жағдай режимин тәмийинлеў ушын Ишки ислер ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, сондай-ақ, Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў мәмлекетлик системасына кириўши басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм де шөлкемлердиң күшлери ҳәм қуралларынан пайдаланыў белгиленбекте. Айырым жағдайларда болса, жоқарыдағыларға қосымша рәўиште, айрықша жағдай режимин сақлап турыў ушын Президент Пәрманына тийкар Қорғаныў министрлигиниң күшлери ҳәм қураллары да тартылыўы мүмкин.

Сондай-ақ, нызам менен айрықша жағдай енгизилгени ҳаққында шегаралас мәмлекетлерге дипломатиялық каналлар арқалы хабар берилиўи де белгилеп қойылмақта.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Гидрометеорология жумысы ҳаққында»ғы Нызам додаланды.

Нызам менен қоршаған тәбийғый орталық патасланыўының мониторинги, гидрометеорологиялық мәлимлеме, гидрометеорологиялық процесслер, гидрометеорологиялық процесслерге белсенди тәсир көрсетиў, гидрометеорологиялық қубылыслар, гидрометеорология жумысы, қәнигелестирилген гидрометеорологиялық мәлимлеме, қорғаў зонасы, оператив гидрометеорологиялық мәлимлеме, улыўма гидрометеорологиялық мәлимлеме сыяқлы тийкарғы түсиниклер белгиленбекте.

Сондай-ақ, гидрометеорология жумысының тийкарғы принциплери, объектлери, субъектлери, қәнигелестирилген шөлкемлер толық көрсетилген.

Нызамға муўапық рәсмий ескертиўлер, прогнозлар ҳәм халықтың турмыс искерлиги қәўипсизлигин тәмийинлеў, итималлы зыянның алдын алыў менен байланыслы басқа гидрометеорологиялық мәлимлеме оннан пайдаланыўшыларға тек арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен бериледи.

Сондай-ақ, ҳүжжетте гидрометеорологиялық мәлимлемени таярлаўшылар ҳәм де оннан пайдаланыўшылардың ҳуқық ҳәм миннетлемелери, гидрометеорология жумысын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў тәртиби, оны қаржыландырыў, тараўдағы халықаралық шериклик, нызамшылықты бузғанлығы ушын жуўапкершилик ҳәм басқа бир қатар нормалар көзде тутылған.

Нызамды қабыл етиў гидрометеорология жумысы ҳәм де гидрометеорологиялық бақлаўлар өткериў ҳәм мағлыўматларға ислеў бериўдиң илимий методларын және де жетилистириў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, басқа шөлкемлер, халықты гидрометеорологиялық мағлыўматлар менен тәмийинлеў системасын раўажландырыў, гидрометеорология тараўындағы регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди және де беккемлеў, инновациялық технологияларды енгизиў, тараўға сырт ел инвестицияларын тартыўға хызмет етеди.

Сенаторлар бул нызамды да мақуллады.

Соң «Салық ҳәкимшилигиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.

Нызамның тийкарғы мақсети ­ қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларда нәзерде тутылған илажлардың ҳуқықый тийкарларын белгилеп бериў ҳәм де тастыйықланған Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеўден ибарат.

Нызамда Сурхандәрья ўәлаятының Бандихан, Қизириқ, Музрабат, Шерабад районлары, таўлы ҳәм жер майданлары шорланған аймақларда жаңадан шөлкемлестирилген, бул районларда (аймақларда) мәмлекетлик дизимнен өткен ҳалда өз жумысын әмелге асырып атырған исбилерменлик субъектлери (кластерлер буған кирмейди) юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы, юридикалық тәреплер мал-мүлкине салынатуғын салық, айланбадан алынатуғын салық, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының қатаң белгиленген суммасын төлеўден 2024-жыл 1-январьға шекем болған дәўирде азат етилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, Сурхандәрья ўәлаяты таўлы ҳәм жер майданларының шорланған аймақларында жаңадан шөлкемлестирилген аймақларда мәмлекетлик дизимнен өткен ҳалда өз жумысын әмелге асырып атырған исбилерменлик субъектлери (кластерлер буған кирмейди) 2021-жыл 10-сентябрьден 2024-жыл 1-январьға шекем болған дәўирде пайда салығын белгиленген салық ставкаларына салыстырғанда 50 процент кемейттирилген салық ставкалары бойынша төлеўи көзде тутылған.

Дәслепки есап-китапларға көре, жеңилликлер енгизилиўи нәтийжесинде бул аймақларда 1400 ден артық исбилерменлик субъектлери жаңадан шөлкемлестириледи ҳәм олардың ықтыярында 13 миллиард 400 миллион сум қаржы қалдырылады.

Буннан тысқары, 2020-жылда Сардоба суў сақлағышында жүз берген техноген ҳәдийсе ақыбетинде Сырдәрья, Ақ алтын ҳәм Мирзаабад районларындағы зыян көрген балықшылық, шарўашылық ҳәм қусшылық хызмети менен шуғылланып атырған исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша да ўақтыншалық салық жеңилликлери киргизилмекте.

Атап айтқанда, Сырдәрья ўәлаяты Сардоба, Ақ алтын ҳәм Мирзаабад районларында айрықша жағдай ақыбетинде зыян көрген, дизими халық депутатлары Сырдәрья ўәлаяты Кеңеси тәрепинен тасыйықланатуғын балықшылық, шарўашылық ҳәм қусшылық хожалықлары 2020-жыл 1-майдан 2022-жыл 1-ноябрьге шекем юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ҳәм мал-мүлкке салынатуғын салықты төлеўден азат етилмекте.

Нәтийжеде 69 балықшылық, 41 шарўашылық ҳәм 5 қусшылық хожалыкларының ықтыярында 1 миллиард сумнан артық қаржы қалыўы есап-китап етилген.

Нызамда тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаўды нәзерде тутыўшы нормалар да киргизилиўи көзде тутылған.

Атап айтқанда, товарлар ҳәм көрсетилип атырған хызметлер ушын нақ пул қаржылары яки пластик карточкалар менен есап-китап етиў түрине қарап, олардың баҳаларын жасалма арттырыў яки төменлетиў жағдайлары ҳәм де мәжбүрий рәўиште санлы маркировкаланыўы белгиленген товарларды (өнимлерди) идентификация қураллары арқалы санлы маркировкалаў қағыйдаларын ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етиўшилер тәрепинен бузыў жағдайлары бойынша жуўапкершилик белгиленбекте.

Салық кодексине тынықлықты тәмийинлеў мақсетинде салық қадағалаўын әмелге асырыўға байланыслы ҳәрекетлер қалыслығы видеокөриниске алыў қурылмаларынан пайдаланыў арқалы әмелге асырылыўы, бундай имканият болмаған жағдайда болса, қалыслар қатнасында шөлкемлестирилиўи лазымлығы ҳаққында тийисли норма киргизилмекте.

Соның менен бирге, нызамда бүгинги күнде Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң айырым ҳүжжетлерди қабыл етиў ўәкиллиги Министрлер Кабинетине өткерилиўи көзде тутылған.

Соны атап өтиў лазым, бюджетке төлемлер бойынша қарызы болған кәрханаларға өз ўақтында инкасса поручениесин усынбаў жағдайлары бойынша жәрийма қолланыў тәртиби бийкар етилмекте.

Нызам мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамды додалады.

Атап өтилиўинше, өткен жыллар даўамында балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдың институционал ҳәм ҳуқықый тийкарлары түп-тийкарынан жетилистирилип, балалар арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлар ислениўиниң ерте алдын алыў, майыплығы болған балалар ҳәм ата-ана қарамағынан маҳрум болған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мәселелери кең жәмийетшилик тартылған ҳалда шешилмекте.

Бул реформалардың даўамы сыпатында усы нызам менен бир қатар өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, жынаят нызамшылығында жас өспиримлерге қарата инсансүйиўшиликти күшейтиў мақсетинде жынайый жуўапкершиликкк тартыў жасы он үш жастан он төрт жас етип белгиленбекте.

Жас өспиримлердиң жынысый еркинлигине қарсы жынаятлар, соның ишинде, балаларға қарата уятсыз-бузық ҳәрекетлер ушын белгиленген жаза шаралары күшейттирилмекте.

Сондай-ақ, жас өспирим жәбирлениўши яки гүўаны сораўға тутыў мүддетлери анық белгиленип, жынаят-процессуал нызамшылықта ержетпеген жәбирлениўши, гүўа, гүман етилиўши яки айыпланыўшыны сораўға тутыўда психолог қатнасыўын тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.

Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде мәмлекетимизде жас өспиримлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўға ерисиледи. Миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға муўапықластырыў имканы жаратылады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Интеллектуал мүлк объектлери ҳаққындағы нызамшылықтың жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳақында»ғы Нызам додаланды.

Бул нызам менен бир қатар, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының «Кооперация ҳаққында»ғы, «Ойлап табыўлар, пайдалы модельлер ҳәм санаат үлгилери ҳаққында»ғы, «Адвокатура ҳаққында»ы, «Товар белгилери, хызмет көрсетиў белгилери ҳәм товар келип шыққан жер атамалары ҳаққында»ғы, «Фирма атамалары ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Бир қанша хызметлер, атап айтқанда, кооперативлер уставын дизимнен өткериў, юридикалық мәсләҳәтханаларды есапқа алыў, адвокатлық бюролары, фирмалары, коллегияларын дизимнен өткериўди автоматластырыў ендигиден былай Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуал мүлк агентлигиниң санаат мүлки объектлери ҳаққындағы нызамшылықтың қолланылыўына байланыслы қағыйдалар қабыл етиў бойынша ўәкилликлери бийкар етилди.

Сондай-ақ, санаат мүлки объектлери ҳаққындағы нызамшылықты бузганлық ушын жәрийма салыў тийкарлары ҳәм тәртиби ҳәм де бул бойынша юридикалық шахслар тәрепинен жәрийманы төлеў тәртиби белгилеп қойылды.

Товар белгисин дизимнен өткериўи мүмкин болған субъектлер қатары кеңейттирилди. Бунда барлық юридикалық ямаса физикалық тәреп өз атына товар белгисин дизимнен өткериўи мүмкин. Бурын бул ҳуқық тек ғана исбилерменлик жумысын әмелге асырып атырған юридикалық ямаса физикалық тәреплерге берилиўи белгиленген еди.

Буннан тысқары, фирма атамалары, товар белгилери ҳәм товар келип шыққан жер атамлары ҳаққындағы нызамшылықты бузғанлығы ушын жәрийма салыў тийкарлары ҳәм тәртиби, сондай-ақ, юридикалық шахслар тәрепинен жәрийманы төлеў тәртиби де белгилеп қойылды.

Интеллектуал мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаў пайытында резидентлер ҳәм резидент емеслер арасындағы товар белгиси менен байланыслы ҳуқықый мүнәсибетлер тәртипке салынбақта. Мысал ушын, товар белгисин дизимнен өткериў ушын талапнамаға байланыслы ҳуқықтан басқа шахс пайдасына ўаз кешилгенлиги мүнәсибети менен арза ийесин өзгертиў яки товар белгилерине байланыслы ҳуқықларды басқа шахсқа өткериў ҳаққындағы шәртнамаларды дизимге алғанлық ушын белгиленген муғдарда тийислише мәмлекетлик бажыны төлеў бойынша жаңа норма киргизилди.

Нызам арқалы бундай өзгерис ҳәм қосымшалардың киргизилиўи интеллектуал мүлк тараўының раўажланыўында үлкен өсиўге жол ашады. Интеллектуал мүлк объектлерине ийе болыў раўажланыў жолына қәдем қойған миллий компаниялар, инновациялық жумыс пенен шуғылланыўшы мәкемелер ушын өзине сай абырай ҳәм тән алыныўды аңлатады. Мәмлекетке өз товар белгиси яки санаат үлгиси менен кириў тилегинде болған шет елли инвесторлар ушын жақсы мәнистеги сигнал ўазыйпасында хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.

Бүгинги күнде товар ҳәм де саўда етиў қағыйдалары ҳаққындағы мағлыўуматлар көп жағдайларда басқа тиллерде көрсетилгени бақланбақта. Бул болса, тутыныўшылар ҳуқықларының толық жүзеге шығарылыўына тосқынлық етпекте. Шәртнамаға тутыныўшының ҳуқықларын кемситетуғын шәртлерди киргизиў ҳәм де тутыныўшыға нызамшылық пенен орнатылған жеңиллик ҳәм абзаллыкларды бермеў жағдайлары бақланбақта.

Әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў агентлиги, тутыныўшылар жәмийетлик бирлеспелериниң ўәкилликлери толық беккемленбеген.

Нызамда тутыныўшы ҳәм сатыўшы (ислеп шығарыўшы, жумыс ҳәм хызмет көрсетиўши) арасындағы мүнәсибетлерди ҳуқықый тәртипке салыўдың жаңаша механизмлери, шәртнамалық мүнәсибетлерде тутыныўшыға өзиниң нызамшылықта белгиленген талапларын қанаатландырыўда үстин ҳуқық берилиўи ҳәм шәртнамаға тутыныўшының нызамшылықта нәзерде тутылған ҳуқықларын кемситетуғын шәртлерди киргизиўге жол қойылмаслық сыяқлы жаңа талаплар киргизилген.

Сондай-ақ, тутыныўшы тәрепинен товарлар ушын ҳақы төлеў нақ пул яки нақ пулсыз түрде әмелге асырылыўы мүмкинлигин инабатқа алған ҳалда сатыўшыға ҳақы төлеў түрине қарап товардың әйне бир маркасы (модели, артикулы) ушын ҳәр қыйлы баҳалар белгилеўи қадаған етилмекте.

Тутыныўшыға сатылған нуқсанлы яки оптимал сапалы товарларды қайтарып бериўде өз-ара есап-китапларды әмелге асырыўда жүзеге келип атырған айырым мәселелерге де анықлық киргизилип кетилмекте.

Атап айтқанда, егер тәреплердиң келисиминде басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, тутыныўшы тәрепинен төленген пул суммасын оған қайтарыў товар ушын ҳақы төлеў қандай түрде әмелге асырылған болса, тап сондай түрде болыўы белгиленбекте.

Товарда нуқсанлар барлығы ҳәм оның норматив ҳүжжетлер талапларына муўапық емеслиги тасыйықланған жағдайда, сатыўшы (ислеп шығарыўшы, орынлаўшы) тексериў (тест, экспертиза) өткериўди шөлкемлестирилген тутыныўшы яки тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға товарларды тексериў (тесттен өткериў, экспертиза етиў) менен байланыслы шығынлардың орнын толық қаплаўы кереклиги ҳаққындағы норма киргизилмекте.

Буннан тысқары, тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама базарын тәртипке салыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясат ҳәм де мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыўды әмелге асырыўшы ўәкилликли мәмлекетлик уйым сыпатында Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў агентлигиниң ҳуқық ҳәм ўәкилликлери нызам менен беккемлеп қойылмақта.

Товарларды үлгилер ҳәм (яки) олардың характеристикасы бойынша мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда реализация етиўде тутыныўшылар ҳуқықларының бузылыўына жол қоймаў ҳәм алдын алыў мақсетинде бул мүнәсибетлерди тәртипке салыўшы талаплар өз алдына жаңа статья сыпатында киргизилмекте.

Соның менен бирге, нызамда мәмлекетлик емес жәмийетлик бирлеспелердиң тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў тараўындағы ўәкиллик ҳәм ҳуқықларына анықлық киргизилген.

Ҳүжжетте ислап шығарыўшы, саўда ҳәм хызмет көрсетиў қағыйдалары, товар ҳаққындағы мәлимлемени тутыныўшыларға мәмлекетлик тилде толық жеткериў, товарды экспертизадан өткериў жағдайлары өз көринисин тапмақта.

Нызам товарларды (жумысларды, хызметлерди) аралықтан турып, мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда реализация етиў пайытында тутыныўшылар ҳуқықларының бузылыўына жол қоймаслық ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған нормалар менен де толықтырылған.

Нызамның қабыл етилиўи тутыныўшылар ҳуқықлары бузылыўының алдын алыў, сатыўшының тутыныўшы алдындағы миннетлемеси ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Бул нызам да мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Аўыр социаллық аўҳалда қалған ҳаял-қызлар ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамды көрип шықты.

Нызам менен «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында», «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында» ҳәм де «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызамға киргизилип атырған өзгерислерге муўапық, мәҳәлле пуқаралар жыйынлары басым ҳәм зорлыққа ушыраған, оларға мүрәжат еткен ҳаял-қызларды қорғаўға байланыслы ис-илажларды белгилеў, сондай-ақ, бул жағдайлар ҳаққында тийисли ҳаялларды реабилитация етиў ҳәм бейимлестириў орайлары, ишки ислер уйымларын тезлик пенен хабардар етиў, мәҳәлле аймағында басым ҳәм зорлық еткен яки етиўге мейиллиги болған шахсларды анықлаў, олар менен алып барылатуғын профилактикалық жумысларда қатнасыў ўәкилликлерине ийе болады.

Соның менен бирге, мийнет уйымларының ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў тараўындағы ўәкилликлери кеңейттирилмекте. Оған көре, ендигиден былай мийнет уйымлары жумыс излеп атырған ҳәм аўыр социаллық аўҳалда қалған, шаңарақлық машқалалар ҳәм зорлық ислетилиўине дус келген ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў ҳәм кәсипке бағдардаў илажларын көреди.

Атап өтилиўинше, Денсаўлықты сақлаў министрлигине басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилер ҳәм де олардың балалары, ҳаялларды реабилитация етиў ҳәм бейимлестириў орайларына келтирилген жәбирлениўшилер ҳәм де олардың балаларына бирлемши медициналық жәрдем көрсетиў, медициналық тексериўден өткериў, бийпул емлеў ис-илажларын әмелге асырыў нызам менен беккемленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи аўыр социаллық аўҳалға түсип қалған ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый тийкарларын және де беккемлеў, мәнзилли жәрдем көрсетиў жумысларын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Жалпы мәжилисте «Өсимликлер карантини ҳәм қорғалыўы системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда,  Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өсимликлер карантини объектлери ҳәм басқа да зыянлы организмлерге қарсы гүресиўге байланыслы фитосанитариялық талаплар (шараларын) ҳәм де басқа қағыйдаларды бузыў сыяқлы ҳуқықбузарлықлар, яғный, өсимликлер карантини объектлери ҳәм басқа зыянлы организмлерге қарсы гүресиўге байланыслы фитосанитариялық талаплар ҳәм де карантин астындағы өнимлерди ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў, реализация ҳәм жоқ етиў пайытында бузыў, сондай-ақ, фитосанитария шараларын бузыў, яғный, өсимликлер карантини объектлери ҳәм басқа зыянлы организмлер тарқалыўының алдын алыў шараларын көрмегенлиги ушын жуўапкершилик белгилеў киргизилмекте.

Сондай-ақ, карантин астындағы өнимлерди Өзбекстан Республикасына алып кириў ҳәм шығыў қағыйдаларын бузыў сыяқлы ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершилик орнатылады.

Буннан тысқары, «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилиўи менен Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги өсимликлер карантини ҳәм қорғалыўы бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым екенлиги белгиленеди. Сондай-ақ, бул агентликтиң ўәкилликлерин  кеңейтиў, өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларының миннетлемелерин арттырыў нәзерде тутылған.

Ҳүжжет пенен Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў бойынша мәмлекетлик хызмет системасына Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң районлық (қалалық) өсимликлер карантини ҳәм қорғаў бөлимлери, Республика агрохимиялық таллаў орайы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы шегиртке ҳәм тут гүбелегине қарсы гүресиў хызметлери, «Биосифат» республикалық орайы, өсимликлер карантини бойынша сыртқы экономикалық жумыс шегара пунктлери, өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлер аралық шегара пунктлери сыяқлы структураларды қосыў белгиленбекте.

Буннан тысқары,  фитосанитарияға байланыслы жоқары қәўипке ийе болған карантин астындағы өнимди егиў, сабыў, көбейтиў ушын мөлшерленген егиў материалларын сырт мәмлекетлерден Өзбекстан Республикасында жасаўшы пуқараларға почта ҳәм курьерлик посылкаларында жибериў, соның ишинде, багаж ҳәм қол жүгинде алып өтиў қадаған етиледи.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар «Транспорт ҳәм финанс тараўларындағы айырым ҳуқықбузарлықларды ислегенлик ушын ҳәкимшилик жазалар либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамды додалаўда атап өткениндей, мәмлекет басшысының басламасы менен кейинги 5 жылда мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, системаластырылған нызамшылық базасын қәлиплестириў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый тийкарларының тәмийинлениўи бойынша қатар ис-илажлар көрилмекте.

Мәлим болғанындай, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте нәзерде тутылған жол ҳәрекети тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын белгиленген ҳәкимшилик жуўапкершиликлер муғдары ҳәзирги заман талаплары ҳәм қәўиплилик дәрежесине толық жуўап бермейди.

Бул нызам менен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың қәўиплилик дәрежесинен келип шығып, оптималластырыў мақсетинде 5 статья санкциясы муғдары кемейттирилмекте. Атап айтқанда, транспорт қураллары ийелери тәрепинен қамсызландырыў полисин алмағанлығы ямаса мүддети өткен қамсызландырыў полиси, қамсызландырыў полисинде нәзерде тутылмаған шахс автотранспорт қуралын басқарғанлығы, жолаўшыларды лицензиясыз тасыў менен шуғылланғанлығы, паспорт системасы қағыйдаларын бузғанлығы, пуқаралар тәрепинен валюта қунлылықларын нызамсыз алыў яки өткериў ушын жәрийма муғдары кемейттирилмекте.

Сондай-ақ, киргизилип атырған өзгерислер менен транспорт қуралын басқарыў ўақтында айдаўшыларға «bluetooth», қулақшын ҳәм басқа да қолды бәнт етпейтуғын гарнитуралардан пайдаланыўға руқсат берилмекте.

Транспорт қуралы салонының алдынғы бөлимине монитор (дисплей) орнатыў ушын жуўапкершилик бийкар етилмекте, сондай-ақ, транспорт қураллары айдаўшыларының белгиленген ҳәрекет тезлигин арттырып жибергенде тезликти өлшейтуғын арнаўлы үскенелер көрсеткен тезликтен саатына 5 километр айырып таслап есаплаў енгизилмекте.

Буннан тысқары, Ишки ислер уйымлары яки консуллық мәкемеси тәрепинен берилген биометриялық паспорт (ID-картасы) бар болған жағдайда айдаўшыдан транспорт қуралын басқарыў ҳуқықын бериўши ҳүжжет, транспорт қуралын дизимнен өткергенлик ҳаққындағы, сондай-ақ, транспорт қуралына ийелик етиў, ийеси жоқлығында оннан пайдаланыў яки оған ийелик етиў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери, транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси талап етилмейди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте 15 мәселе, соның ишинде, 9 нызам додаланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилиси өз жумысын тамамлады.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети