Россиялы врач-невролог Павел Хорошев  коронавирус инфекциясын өткергенлерге күтилмеген басқа тәсири пайда болыўы мүмкин екенлиги ҳаққында атап өтти, деп хабар береди xs.uz.

«Медицинада тутлығыўдың себеби – логоневроз болып есапланады. Бирақ сөйлеў ушын жуўап беретуғын зыянланыўы да тутлығыўды келтирип шығарады. «COVID-19» пенен дерлик ҳәмме нәрсе болыўы мүмкин. Егер ол сөйлеў ушын жуўапкер болған нерв клеткаларын зыянласа тутлығыўға алып келеди», дейди шыпакер.

Қәнигениң қосымша етиўинше, инфекция усы топар нерв клеткаларының тромбозы, ишемиясы ҳәм клеткалар инфарктына  да алып келиўи мүмкин.

«Коронавирус ҳәр қандай ағзада жарақатланыўды келтирип шығарыўы ҳәм ҳәттеки ишемия ямаса инфаркты менен қәўип туўдыратуғын тромбозды келтирип шығарыўы да мүмкин» дейди Хорошев.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги