Быйылғы жылы усы күнге шекем Нөкис қаласы аймағында  6748 адам короновирус инфекциясын жуқтырып алған болса, соннан 6736 адам саўалған. Өткерилип атырған профилактикалық илажлар нәтийжесинде коронавирус инфекциясын жуқтырып алыў жағдайлары әдеўир азайған. Бүгинги күнде 3 наўқас стационар режимде емленбекте ҳәм олар менен жақын қатнаста болған 6 адам медициналық бақлаўға алынған.

– Ҳәзирги ҳаўа райының өзгериўшең пайытында грипп пенен кеселленгенлер де көбейип, наўқасланғанлардың саны еки мыңға шамаласты. Мәўсимге байланыслы өткир респиратор кеселликлериниң алдын-алыў мақсетинде Нөкис қаласы аймағында жайласқан емлеў-профилактикалық мәкемелериниң медицина қәнигелерине,  мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириў бөлиминиң  қәнигелерине грипп кеселлигине қарсы  вакцина менен шаншыў жумыслары алып барылды. Себеби, усы кеселликлерге қосымша коронавирус инфекциясын да жуқтырып алса, коронавирус штаммының өзгериўшеңлик қәсийети себепли кеселлик аўыр кешеди. Сонлықтан, грипп те жуқпалы болғанлығы ушын усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде бул жумыслар күшейтилген тәризде әмелге асырылмақта,-дейди Нөкис қалалық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң шыпакер-эпидемиологи Меҳрибан Қаражанова.

Нөкис қаласы аймағындағы 568 коронавирус инфекциясы анықланған үйлер ҳәм балалар оқыў тәрбия мәкемелерине, улыўма 112621 м2 майданда жуўмақлаўшы дезинфекциялаў жумыслары алып барылды.

Ҳәзирги ўақытта коронавирус инфекциясы ҳәм оған қарсы гүресиў ҳәм оның алдын-алыў илажлары, карантин талапларының орынланыўы, ОИТС, қутырыў,  күйдирги, қырым-геморрагик ысытпа кеселлиги, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм аўқаттан зәҳәрлениўдиң алдын алыў, ботулизм кеселлиги ҳәм оның алдын-алыў илажлары, абаданластырыў ҳәм сыртқы орталық бойынша телевидение, радио ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары арқалы материаллар берилип, мәҳәллелерде ҳалық арасында ушырасыўлар өткерилип, мәўсимлик кеселликлер бойынша профилактикалық түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Қәнигелер тәрепинен сәўбетлесиўлер өткерилип, қала аймағындағы мәкемелерге, базарларға барып сәўбетлесиў жумыслары, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў профилактикасы бойынша түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Халыққа 5 мыңнан аслам тарқатпа материаллар тарқатылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги