Полковник Нурабуллаев Кеңесбай Зарипбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Ҳуқуқбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Бул ҳаққында «Тынышлық сақшысы» газетасының рәсмий каналында мағлыўмат берилди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, алдын усы лаўазымда жумыс ислеп киятырған подполковник Өмирбай Турдыбаев Хожели районлық Ишки ислер бөлими баслығы болып тайынланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.