Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының Қазақстан Республикасы Мирас, Silkway, Орда, Орайлық Азия инновация ҳәм Қуўатбеков атындағы Халықлар дослығы университетлериниң лицензиясы бойынша берген рәсмий мағлыўматларына тийкарланып, усы университетлерден оқыўын республикалық жоқары оқыў орынларына көшириў ушын өткерилген имтихан нәтийжелерине муўапық усыныс етилген студентлердиң белгиленген тәртипте оқыўға қабыл етилиўи және сабақларға қатнасыўына Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен рухсат берилди.

Еслетип өтемиз, алдын 2020-жылы Қазақстан университетлеринде өткерилген тексериўлер нәтийжесинде бирнеше нызам бузылыў жағдайлары анықланғаны себепли Орда (бурынғы «Silkway» халықаралық университети) ҳәм Мирас университетлериниң лицензиясы тоқтатылғаны, өз мәмлекетинде лицензияға ийе болмаған ҳәм аккредитацияланбаған сырт ел жоқары оқыў орынларының дипломлары Өзбекстанда тән алынбайтуғыны ҳаққында хабар берилген еди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.