Пүткил дүнья жүзин ләрзеге салған «COVID-19» кеселлиги менен байланыслы эпидемиялық жағдай бүгинги күни толық турақласып кеткен жоқ. Денсаўлықты сақлаў хызеткерлери кеселликке шалынғанларды емлеў, оларды саўалландырыў бойынша күни-түни пидәкерлик мийнет етип атыр. Соның менен бирге, кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў бойынша елимизде жәрияланған карантин қағыйдаларын қатаң сақлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Деген менен айырым пуқаралардың бийпарўалығы, карантин қағыйдаларына бойсынбағанлығы себепли коронавирус инфекциясының тарқалыў қәўпи артып, кеселлениў жағдайлары еле де болса ушырасып атырғанлығы өкинишли. Ел басына түскен усындай сынақлы күнлерде айырым денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң мийнетсиз табыстың қулына айланып, вирустың бар-жоқлығын дәлийллейтуғын мағлыўматларды қәлбекилестирип атырғанына не деўге болады.
Шымбай районындағы жеке меншик клиникалардың биринде мийирбийке болып ислеп келген Ҳүрлиман Мақсетова шериги Асқар Есебаев пенен (атлары өзгертилип алынды) өз-ара жынайы тил бириктирип, өзи ямаса басқа шахсқа пайдаланыў мақсетинде белгили бир ҳуқық беретуғын яки белгили бир миннеттен азат ететуғын рәсмий ҳүжжет есапланған ПЦР тест мағлыўматнамасын қәлбекилестирип, 3 пуқараға «COVID-19» кеселлиги бойынша анализ алмастан турып, таярлап береди. Нәтийжеде, ҳешқандай тексериўлерсиз таярланған қәлбеки мағлыўматнама менен кетип баратырған бул пуқаралар Нөкис халық аралық аэропортында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери тәрепинен иркилди.
-Турмыстағы жетиспеўшилик себепли усы жынаятқа қол урыўға мәжбүр болдым,-дейди судта берген көрсетпесинде судланыўшы Ҳүрлиман Мақсетова.-Ҳеш кимге билдирместен, лаборатория баслығының қолын уқсатып қойып, мөр бастым. Бул ушын алған пулларды шаңарағыма ислетип жибердим. Бул исимнен пушайманман, кеширим сорайман ҳәм алдағы ўақытлары бундай иске жол қоймайман.
Жақында бул ис жынаят ислери бойынша Бозатаў районы судында көрип шығылып, бул пуқаралар Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен айыплы деп табылып, жаза тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги