Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды.

– Усыныс етилип атырған нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир топар депутатларының басламасы менен ислеп шығылған, – деди мәжилисте депутат Козим Тожиев. – Бул нызам жойбары менен 6 нызамға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте. Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи нызамшылықтағы ҳуқықый бослықларды сапластырыў ҳәм нызам ҳүжжетлерин муўапықластырыў имканиятын береди.

Мәжилисте нызам жойбары статьяма-статья көрип шығылып, тартысыў ҳәм пикир-таласлардан кейин екинши ҳәм үшинши оқыўда қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилисте «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда көрип шығылды.

Бул нызам жойбарының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети бойынша Ишки ислер министриниң орынбасары Бекмурод Абдуллаев баянат жасады. Атап өтилгениндей, нызам жойбары тиккелей әмел ететуғын айырым нызам жойбары ҳәм нызам асты ҳүжжетлерди системаластырыў ҳәм унификациялаў белгиленбекте.

Нызам жойбары 8 бап, 84 статьядан ибарат. Онда ҳуқықбузарлықлар профилактикасының тийкарғы түсиниклери, түрлери, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм мәкемелердиң ўәкилликлери, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыўда қатнасатуғын уйым ҳәм мәкемелер менен бирге ислесиўи нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыў жумысын муўапықластырыў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин шөлкемлестириў бағдарында уйымлараралық комиссиялардың жумысын шөлкемлестириў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыўда белсене қатнасқанларды хошаметлеў тәртиби белгиленбекте.

 

Муҳтарама КОМОЛОВА,

ӨзАның хабаршысы