Ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Режеп Таййип Эрдоған!

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

Жәҳән цивилизациялары кесилиспесинде жайласқан гөззал Түркия жеринде, әййемги тарийхқа ийе Демократия ҳәм азатлық атаўында сизлер менен дийдар көрисип турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Бәринен бурын, Әзербайжан Республикасы Президенти, ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиевке Шөлкемимизге нәтийжели басшылық еткени ушын миннетдаршылық билдиремен.

Әзербайжан халқын мәмлекеттиң аймақлық бирлиги тикленип, тарийхый әдалат орнаған қутлы сәне ­- Жеңис күни мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлайман.

Соның менен бирге, ҳүрметли Илҳам Гейдарович, Сизди «Түркий дүньяның Жоқары ордени»не миясар болғаныңыз бенен де қызғын қутлықлайман.

Ушырасыўымыздың уйымластырыўшысы, туўысқаным, Түркия Республикасы Президенти, Уллы Мәртебели Мырза Режеп Таййип Эрдоғанға конференциямызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын айрықша рахмет айтаман ҳәм Шөлкемимизге басшылықты қабыл етип алғаны менен шын кеўилден қутлықлайман.

Әнжуманымызда қәдирли достымыз, Түркменстан Президенти Гурбангули Мяликгулиевич Бердимуҳамедовты көрип турғанымнан шексиз қуўанышлыман.

Түркменстанға Шөлкемимиздиң бақлаўшы статусы берилиўи ҳаққындағы тарийхый қарарды толық қоллап-қуўатлайман.

Бүгин саммитимизде Шөлкемимиз тийкарын салыўшыларидан бири, ҳүрметли баслығымыз, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы ҳүрметли Нурсултан Әбишевич Назарбаев видеомүрәжат пенен қатнасқанын қоллап-қуўатлаймыз.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Улыўма тил ҳәм уқсас қәдириятлар бирлиги тийкарында қәлиплескен Кеңесимиз шеңберинде бүгинги күнде сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-логистика ҳәм мәдений-гуманитар тараўлардағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта.

Аўыр пандемия дәўиринде де биз шериклигимизди кеңейтиўге, бир-биримизге жәрдем берип, қатнасларымызды турақлы раўажландырыўға умтылып келмектемиз.

Бүгин қабыл етилип атырған қарар менен Түркий Кеңес атамасы «Түркий мәмлекетлер шөлкеми» деп өзгертилиўи шериклигимизди буннан былай да раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратады. Бул шешиўши қәдем Шөлкемимиз жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығып, оның халықаралық майдандағы орны ҳәм абырайының кескин арттырыўына исенемен. Ушырасыўымызда қол қойылатуғын «Түркий дүнья нәзери ­ – 2040» перспективалы бағдарламалық ҳүжжети де усы ийгиликли мақсетке хызмет етеди.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Ҳәзирги ўақытта дүньяда жүз берип атырған кескин процесслер, түрли қәўип-қәтерлер, пандемия сынақлары, азық-аўқат қәўипсизлиги, климат өзгериси ҳәм экология менен байланыслы машқалалар бәршемиздиң алдымызға жаңа, актуал ўазыйпаларды қоймақта. Бул болса мәмлекетлеримиздиң бирге ислесиў бағдарында еле иске қосылмаған үлкен имканиятларынан толық пайдаланыўды талап етпекте.

Усы мүнәсибет пенен төмендеги усынысларды билдирмекшимен:

Бириншиден, Шөлкемимиз шеңберинде саўда байланысларын кеңейтиў ушын қолайлы ҳәм тартымлы шараятларды жаратыўымыз керек.

Соңғы жылларда Өзбекстанның туўысқан мәмлекетлер менен улыўма товар алмасыў көлеми еки есе артқанын айрықша атап өтпекшимен. Соның менен бирге, бул көрсеткишлер бар потенциалымызға сәйкес емес, десем, қәтелеспеген боламан.

Таллаўлар соны көрсетпекте, тек 2020-жылы мәмлекетлеримиздиң улыўма импорты 420 миллиард долларға тең болған болса, ағза мәмлекетлер атасындағы өз-ара импорт көлеми болса 21 миллиард долларды қурады. Сонлықтан, үшинши мәмлекетлерден кирип киятырған өнимлерди Шөлкемимизге ағза еллерде ислеп шығарыў мүмкин болған товарлар есабынан қаплаў ең актуал ўазыйпамызға айланыўы керек.

Бул бағдардағы бар имканиятларды ҳәр тәреплеме үйрениў мақсетинде Түркий мәмлекетлер саўда шериклиги бойынша изертлеў орайын шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул Орай саўда тосқынлықларын сапластырыў, электрон коммерцияны кеңнен енгизиў, экспорт-импорт көлемин көбейтиўге қаратылған анық усыныслар ҳәм қоспа ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў және әмелге асырыў менен шуғылланыўы керек.

Екиншиден, саўда-экономикалық шериклигимизди буннан былай да раўажландырыў ушын транспорт ҳәм транзит мәселелерине айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр.

Тарийхтан белгили, түркий халықлар жасап келген регионлар мың жыллар даўамында Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасында транспорт ҳәм саўда көпири ўазыйпасын атқарған.

Бүгинги жағдай бизден Қытайдан Европаға шекем болған ҳәм мәмлекетлеримиз аймағынан өтетуғын жаңа трансконтинентал транспорт жолларын буннан былай да раўажландырыўды талап етпекте. Бул бағдардағы шерикликти системалы жолға қойыў ушын «Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылық бағдарламасы»н ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Бул бағдарлама регионлараралық мультимодал коридорларын раўажландырыў, шегаралардан өтиў тәртиплерин әпиўайыластырыў, бажыхана, санитария ҳәм басқа түрдеги қадағалаў процесслерин санластырыў, транспорт ҳәм транзит тарифлерин оптималластырыў мәселелерине нәтийжели шешимлер табыўға қаратылыўы керек.

Үшиншиден, санаат кооперациясын күшейтиў бугинги күн талабына айланбақта.

Мәмлекетлеримизде бар болған қәнигелескен шөлкемлер негизинде «Инжиниринг ҳәм технологиялар орайлары»н дүзиў мақсетке муўапық. Олардың жумысы қосымша қун шынжырларын жаратыў ҳәм бәсекиге шыдамлылық принциплерине тийкарланған қоспа жойбарларды биргеликте ислеп шығыўға бағдарланады.

Бундай жойбарларды келешекте дүзилетуғын қоспа Инвестиция фонды есабынан қаржыландырыў мүмкин болады. Бул басламаны жүзеге шығарыў ҳәм бул бағдарда жаңа имканиятлар ашыў ушын келеси жылы Өзбекстанда «Түркий мәмлекетлер санаат ҳәптелиги»н өткериў нийетиндемиз.

Төртиншиден, саммитимиз «Санлы әсирде жасыл технологиялар ҳәм «ақыллы қалалар» темасында өтип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе.

Мәмлекетлеримиздиң ҳәр бири түрли тараўларда санластырыў процесслерин енгизиў тәжирийбесине ийе. Ағза мәмлекетлерде, биринши гезекте Түркияда бул тараўда топланған тәжирийбени есапқа алып, «ақыллы қала»ларды жаратыў бойынша тәжирийбе алмасыў ҳәм инновацияларды трансферлеў мақсетинде экспертлер ҳәм 85 85 қәнигелер ушын турақлы платформа жаратыў зәрүр.

Бул бағдардағы дәслепки қәдем сыпатында 2022-жылы экспертлер конференциясын өткериўди усыныс етемиз.

Бесиншиден, ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде климаттың өзгериўи ҳәм экология машқалаларын шешиў ҳәм углерод нейтраллығына ерисиў ҳәм «жасыл» экономикаға өтиў барған сайын өткир зәрүрликке айланбақта.

Арал теңизиниң қурыўы тек регионымызда емес, ал оның тысқарысындағы көплеген мәмлекетлерге де үлкен тәсир көрсетпекте.

Бундай экологиялық апатшылықлардың унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, олардың тарқалыўының алдын алыў ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен биргеликте Түркий мәмлекетлердиң қоршаған орталықты қорғаў бойынша структурасын дүзиў басламасын алға қоямыз.

Бул структура резиденциясын усы экологиялық апаттан ең көп зыян көрген Аралбойы аймақларының биринде жайластырыў мақсетке муўапық болар еди.

Алтыншыдан, әййемги Хийўа ҳәм Қоқанд қалаларында болып өткен мәденият ҳәм туризм министрлеримиздиң нәтийжели ушырасыўлары халықларымыз қаншелли бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасқа ийе екени, туристлик тараўында үлкен имканиятларымыз барлығын айқын көрсетти.

Биз «Түркий дүнья туризми» ҳәм «Теберик зыярат етиў орны» туристлик жойбарларын әмелге асырыў, өнерментшилик көргизбелери ҳәм этноспорт жарысларын өткериў, мәдений мийрас объектлерин сақлаў ҳәм реставрациялаў ҳәм басқа да бағдарларды қамтып алған «жол картасы»н биргеликте ислеп шығыўды мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Жетиншиден, бүгинги саммитимизде Түркий дүнья бирлигине салмақлы үлес қосқан уллы ойшыл ҳәм мәмлектелик ғайраткер Мир Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў ҳаққындағы қарар қабыл етилиўи мүнәсибети менен бәршеңизге және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Түркий дүньяның уллы ўәкиллери улыўмаинсаныйлық мәденият ҳәм цивилизацияның раўажланыўына қандай үлкен үлес қосқаны ҳәммемизге белгили.

Мине, жақында Стамбул қаласында қайта оңланған саўлатлы Ататүрк мәденият орайында Түркий дүньяның уллы илимпазларының тулғалары еске алынғаны оғада итибарлы. Шөлкемимизге ағза барлық мәмлекетлер фондларында мине усы бийбаҳа мийрас қәстерлеп сақланбақта. Атап айтқанда, Өзбекстанда да улыўма тарийхымыз ҳәм мәдениятымызға тийисли 200 мыңға шамалас сийрек ушырасатуғын қолжазбалар бар.

Мине усы сийрек ушырасатуғын шығармаларды биргеликте үйрениў, оларды аўдарыў, бирден-бир электрон базасын жаратыў, бул тараўға санлы технологияларды енгизиў мақсетинде «Түркий тиллес мәмлекетлердиң тарийхый, илимий ҳәм мәдений мийрасын үйрениў изертлеў орайы»н дүзиўди усыныс етемиз.

Бул орай туўысқан халықларымыздың бийбаҳа мийрасын келеси әўладлар ҳәм дүнья халқына жеткериўге шешиўши үлес қосады, деп ойлайман.

Сегизиншиден, келешегимиз даўамшылары болған жаслар мәмлекетлеримиз халқының үлкен бөлегин қурамақта.

Бүгин жас әўладтың халықларымыз турмысы ҳәм тәғдириндеги, өз-ара мүнәсибетлеримиз раўажланыўындағы орны барған сайын артып бармақта. Оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, креатив идея ҳәм жойбарларын хошаметлеў, миллий қәдириятларымызға жат болған тәсирлерден сақлаў бәршемиздиң тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып есапланады.

Бул бағдардағы ҳәрекетлеримизди бирлестириў мақсетинде 2022-жылды Түркий дүньяда «Жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў жылы», деп жәриялаўды усыныс етемен. Оның шеңберинде биргеликте анық илажлардан ибарат биргеликтеги бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, бул мәселени гезектеги саммитимиз күн тәртибиниң тийкарғы темасы етип белгилеў орынлы болар еди.

Ҳүрметли жыйналыс қатнасыўшылары!

Аўғанстандағы ҳәзирги қыйын жағдай бәршемиздиң итибарымыз орайында тур. Бул мәмлекеттиң гуманитар кризиске түсип, халықаралық майданда жеккеленип қалыўына, оның терроршылар мәканына айланыўына жол қоймаў оғада әҳмийетли.

Аўғанстанның жаңа ҳүкимети менен сөйлесиўлерде көз-қарасларымыз улыўма ҳәм тилеклес болыўы керек.

Қәдирли дослар!

Өзбекстан Республикасы бүгинги конференция күн тәртибине киргизилген Қоспа декларация, Шөлкемимиз қурамында Бақлаўшы ҳәм Шериклик статусларын шөлкемлестириў ҳаққындағы қарарлар ҳәм басқа да әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылыўын қоллап-қуўатлайды.

Бас хаткер Бағдад Амреевтиң ўәкиллик мүддетин созыўды да толық мақуллаймыз.

Исенимим кәмил, бүгинги ушырасыўымыз ҳәм ерисилген келисимлеримиздиң әмелге асырылыўы туўысқан халықларымыздың улыўма абаданлығы ҳәм раўажланыўына хызмет етеди.

Үлкен қанаатланыўшылық пенен жаңа атама алған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммитин өткериў ушын сиз, әзиз кәсиплеслеримди келеси жыл Өзбекстанға сапар етиўге мирәт етемен.

Итибарыңыз ушын рахмет.