Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Барлық спорт түрлерин раўажландырыў арқалы жазғы Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында қатнасыў ҳуқықын беретуғын лицензиялардың санын көбейтиў, 2024-жылы Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларына (кейинги орынларда – Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары) спортшыларымыздың ҳәр тәреплеме таяр екенлиги ҳәм табыслы қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаўдың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

спорт билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм санластырыў, олимпиада ҳәм паралимпия бағдарламаларына киргизилген спорт түрлери бойынша жоқары нәтийжели ҳәм олимпия спортшылар резервин жаратыў, лицензиялардың санын сезилерли дәрежеде көбейтиў;

спорт менеджментин жетилистириў, ҳәр бир буўынды аудиттен өткериў ҳәм халықаралық стандартларға муўапықластырыў;

спорт фармакологиясы, психологиясы, медицинасы, диетологиясын терең таллаў ҳәм үйрениў, олардың нәтийжесинде илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығыў;

Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында қатнасыў ушын талапкерлер арасында   спортшы ҳаялқызлардың үлесин арттырыў, Өзбекстан спортшылары арасында гендер теңликти тәмийинлеў;

спорт базалары ҳәм имаратларының материаллықтехникалық базасын беккемлеў, заманагөй стандартларға жуўап беретуғын жаңа спорт объектлерин қурыў, олардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў;

мәмлекетимизде белгилеп берилген паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын әмелиятқа толық енгизиў, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың спорт жумысын ҳәр тәреплеме қоллапқуўатлаў.

  1. Төмендегилер:

2024-жылы Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

2024-жылы Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларына таярлық көриў бойынша мақсетли көрсеткишлер (кейинги орынларда – Мақсетли көрсеткишлер) 2-қосымшаға муўапық;

2024-жылы Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларына таярлық көретуғын Өзбекстан миллий сайланды командаларының контингенти 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Мақсетли көрсеткишлер:

Олимпиада ойынлары бойынша 244 бағдарламада қатнасыў ҳәм 26 спорт түрлери бойынша 103 лицензияны, соның ишинде, 8 перспективалы олимпиада спорт түрлери бойынша (бадминтон, стол тенниси, шыңды ийелеў, суў полосы, синхрон жүзиў, суўға секириў, ат спорты, триатлон) 31 бағдарламада қатнасыў ҳәм лицензияларды қолға қиргизиўди;

Паралимпия ойынлары бойынша 476 бағдарламада қатнасыў ҳәм 12 спорт түрлери, соның ишинде, бочча, парастол тенниси, параоқтан атыў, паравелоспорт бойынша жәми 105 лицензияны қолға киргизиўди нәзерде тутатуғыны белгиленсин.

Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпия комитети (Р.Шаабдурахманов) ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев):

а) спорт менеджментин (басқарыўын) түп-тийкарынан жетилистириў бойынша анық илажларды әмелге асырсын. Онда:

үш ай мүддетте үлкен төртлик («big four») аудиторлық шөлкемлериниң бири тартылсын;

тартылған аудиторлық шөлкем менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа шекем денетәрбия ҳәм спорт тараўында басқарыў системасының ҳәр бир буўынын аудиттен өткериў илажларын көрсин;

аудиторлық шөлкемди тартыў ҳәм аудиттен өткериўге байланыслы қәрежетлерди Өзбекстан спорт делегациясының 2021-жылы Токио қаласында (Япония) болып өткен ХХХII жазғы Олимпиада ойынларына таярлық көриў ҳәм қатнасыў қәрежетлери сметасы шеңберинде жумсалған қаржылар есабынан әмелге асырсын;

2022-жыл 1-июльге шекем денетәрбия ҳәм спорт, спорт федерациясы (ассоциация)лары басқарыўын жетилистириў, соның ишинде, оларда өзин-өзи қаржыландырыў системасын раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;

б) Мақсетли көрсеткишлердеги олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша бағдарламада спортшылардың қатнасыўын тәмийинлесин, бул бағдарда спорт федерациялары (ассоциациялары)ның жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин;

в) еки ай мүддетте спорт федерация (ассоциация)лары басшыларының вакант лаўазымларын толықтырыў, сондай-ақ, төмен нәтийжелерди көрсеткен, ажыратылған бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланбаған ҳәм басқа да унамсыз жағдайларға жол қойған федерация (ассоциация)лардың басшылары лаўазымларына жаңа талабанлар бойынша усыныс киргизсин;

г) спорт федерация (ассоциация)ларының басшылары менен биргеликте Мақсетли көрсеткишлердеги бағдарламаларда қатнасыў ҳәм лицензиялары қолға киргизиў бойынша жуўапкер екени белгиленсин.

  1. Халықаралық олимпиада комитети тәрепинен 2020-жыл декабрьде қабыл етилген қарарға тийкарланып 2024-жылдағы Олимпиада ойынларында дәслепки гендер теңлик тәмийинленип, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын қатнасыў ҳуқықын бериўши лицензиялардың саны теңдей тәризде белгилеп берилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов ҳәм Өзбекстан Миллий олимпия комитети (Р.Шаабдурахманов) спорт федерациясы (ассоциация)лары менен биргеликте 2024-жылдағы Олимпия ойынларына таярлық көриў процесинде төмендегилерди әмелге асырсын:

еки ай мүддетте халық арасында гендер теңлик принциплерин «мәҳәлле кесиминде» системасы  тийкарында белгили спортшылардың қатнасыўында үгит-нәсиятлаў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын;

Олимпиада ойынларында қатнасыў ушын талапкерлер арасында спортшы ҳаял-қызлардың үлесин арттырыў илажларын көрсин. Онда, олардың ер спортшылар санынан парқы +/-3 процентке шекем болыўын тәмийинлесин;

2022/2023-оқыў жылынан баслап олимпия резервлери спортшыларын таярлаўға қәнигелестирилген спорт-билимлендириў мәкемелеринде ҳаял-қызлар ушын қабыллаў квоталарын арттырыў илажларын көрсин;

мәмлекетимиз спортшыларын таярлаўда гендер теңликти тәмийинлеў бойынша басқа да зәрүр илажларды әмелге асырсын.

  1. 2024-жылы Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)ларына бириктирилген спорт базаларының дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпия комитети (Р.Шаабдурахманов), Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев) тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте усы қарарға 4-қосымшаға муўапық бириктирилип атырған спорт базаларынан спорт федерация (ассоциация)лары тәрепинен еркин ҳәм турақлы түрде пайдаланыўын, зәрүр шараятлар (электр энергиясы, газ, суў, оңлаў жумыслары)дың жаратылыўын тәмийинлесин. Онда, бул илажлар спорт базаларын баланста сақлаўшылардың қаржылары есабынан әмелге асырылады.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Өзбекстан Миллий олимпия комитети (Р.Шаабдурахманов), Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев) менен биргеликте:

миллий сайланды командалар спортшыларының жыл даўамында турақлы үзликсиз оқыў-шынығыў жыйынларында, халықаралық жарыс ҳәм турнирлерде турақлы қатнасыўын тәмийинлеў, маман жергиликли ҳәм сырт елли тренерлер ҳәм басқа да қәнигелерди тартыў;

миллий сайланды командалардың оқыў-шынығыў, жарыс ҳәм турнирлерге таярлық процесине алдынғы инновациялық, илимий-методикалық технологияларды енгизиў ҳәм спортшыларды медициналық ҳәм фармакологиялық тәмийинлеў, оларда спортшылардың қатнасыў дәўиринде илимий жақтан таллаў бойынша қәнигелер (тренерлер, шыпакерлер, физиологлар, диетологлар, илимий аналитиклер ҳәм басқалар) топарларын шөлкемлестириў;

2024-жылы Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама)ның орынланыўын системалы таллаў ҳәм мониторинг етиў, жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерге жәрдем бериў ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў, көрилип атырған илажлардың нәтийжелери, миллий сайланды командалардың Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлығының жағдайы, Бағдарламаға өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм киргизип барыў;

мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер ҳәм спорт федерация (ассоциация)ларын тартқан ҳалда спорт базаларын қурыў ҳәм реконструкциялаў ҳәм оларды заманагөй спорт инвентарьлары ҳәм үскенелери менен тәмийинлеў, сондай-ақ, миллий сайланды командаларды таярлаў ушын қолайлы социаллық, турмыслық ҳәм материаллық шараятлар таярлаў бойынша жумысларды өз ўақтында және сапалы шөлкемлестириўди тәмийинлесин.

  1. 2024-жылы Париж қаласында (Франция) болып өтетуғын XXXIII жазғы Олимпиада ҳәм XVII Паралимпия ойынларына Өзбекстан спортшыларын таярлаў бойынша Республикалық комиссия (кейинги орынларда – Республикалық комиссия)ның қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Республикалық комиссия (А.Н.Арипов):

бир ай мүддетте Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына пуқта таярлық көриў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)ларына тийисли шараятлар жаратыў ушын оларды министрликлер, уйымлар ҳәм ири шөлкемлерге бириктирсин, сондай-ақ, усы шөлкемниң анық ўазыйпаларын белгилесин;

Олимпада ҳәм Паралимпия ойынларына пуқта таярлық көриў ушын зәрүр болатуғын бюджет, бюджеттен тысқары, сондай-ақ, қәўендерлик қаржылары муғдарын көрип шықсын ҳәм белгилесин;

Бағдарламада нәзерде тутылған ҳәм мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерге жүкленген ўазыйпалар менен тапсырмалар өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынланыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын, Бағдарламаға муўапық әмелге асырылыўы керек болған жумыслардың орынланыўын ҳәр шеректе додалаў ҳәм кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў илажларын көрип барсын;

бир ай мүддетте Республикалық комиссияның кеңейтилген биринши мәжилисин шөлкемлестирсин. Онда, усы қарардың мазмун-мәниси, спортқа мәмлекет тәрепинен берилип атырған итибар, ўазыйпаларды сөзсиз орынлаў зәрүр екенлиги, төмен нәтийже көрсеткен шахсларға тийисли илажлардың көрилиўи ҳаққында жеткерилсин;

еки ай мүддетте спорт тараўында коррупцияның алдын алыў, Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көриў процесинде (жарысларды ҳәр бир басқышта өткериў, спортшыларды таңлап алыў, тренерлерди тартыў, спорт-билимлендириў мәкемелерине оқыўшыларды қабыл етиў, нормативлер ҳәм имтиханларды тапсырыў ҳәм басқалар) коррупция жағдайларының ҳәр қандай көринислерине маўасасыз қатнаста болыў ҳәм оған қарсы аяўсыз гүресиў бойынша комплексли илажларды тастыйықласын ҳәм әмелиятқа енгизсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери:

а) Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети менен келисилген ҳалда еки ай мүддетте Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына миллий сайланды команда спортшыларының сапалы таярлық көриўин тәмийинлеў мақсетинде Мақсетли көрсеткишлер бойынша аймақлық бағдарламаларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын. Онда, төмендегилер нәзерде тутылсын:

спорт базаларының бюджеттен тысқары ҳәм қәўендерлик қаржылары есабынан қурылысы, қайта қурылысы, капитал оңланыўын тәмийинлеў, олардың толық жумсалыўы ушын тийисли шараятлар жаратыў, заманагөй спорт инвентарьлары менен үскенелери, соның ишинде, автотранспорт қураллары менен тәмийинлеў;

Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көрип атырған миллий сайланды команда спортшылары, тренерлери ҳәм басқа да қәнигелерди материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың турмыслық шараятларын жақсылаў;

Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көрип атырған аймақлық сайланды команданың спортшылары, тренерлери ҳәм басқа да қәнигелериниң республикалық ҳәм халықаралық спорт илажлары ҳәм оқыў-шынығыў жыйынларында үзликсиз қатнасыўын тәмийинлеў;

б) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы «Өзбекстан Республикасында денетәрбия ҳәм спортты буннан былай да жетилистириў ҳәм ғалаба ен жайдырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5924-санлы Пәрманы менен тийкарғы, перспективадағы, раўажланып атырған спорт түрлерине қәнигелестирилген район (қала)ларда усы Пәрман менен белгиленген тийисли спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў ҳәм зәрүр шараятлар жаратыў илажларын көрсин;

в) орынларда олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерин раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў, методикалық қоллап-қуўатлаў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде спорт федерация (ассоциация)ларының аймақлық бөлимлерин шөлкемлестирсин, сондай-ақ, олардың финанслық ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жәрдемлессин;

г) орынлардағы басшы кадрлар арасынан талабанларды спорт федерация (ассоциация)лары аймақлық бөлимлериниң басшысы лаўазымына усыныс етиў илажларын көрсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша федарация (ассоциация)лар тәрепинен белгиленген тәртипте қәлиплестирилип атырған дизимлер бойынша сырт елден алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын спорт инвентарьлары, үскенелери, жасалма спорт майданлары ҳәм олардың жәрдемши үскенелери (соның ишинде, арнаўлы шынығыў тренажёрлары, заманагөй илимий технология қураллары), арнаўлы спорт кийимлери (экипировкалар), компьютер техникасы, мультимедиа өнимлери, спорт медициналық үскенелери, медициналық, биологиялық ҳәм фармакологиялық препаратлар 2024-жыл 1-октябрьге шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.

Туризм ҳәм спорт министрлиги олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша федерация (ассоциация)лар тәрепинен сырт елден алып келинип атырған спорт инвентарьлары, үскенелери, жасалма спорт майданлары ҳәм олардың жәрдемши үскенелери (соның ишинде, арнаўлы шынығыў тренажёрлары, заманагөй илимий технология қураллары), арнаўлы спорт кийимлери (экипировкалар), компьютер техникасы, мультимедиа өнимлери, спорт медициналық үскенелери, медициналық биологиялық ҳәм фармакологиялық препаратлардың мақсетли жумсалыўы ҳәм қәўипсизлиги үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.

Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Азимов) усы бәнтке тийкарланып сырт елден алып келинетуғын товарлардан басқа да мақсетлерде пайдаланылған жағдайда, жеңилликлердиң берилиўи мүнәсибети менен төленбеген бажыхана бажы суммасы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған финанслық санкциялар қолланылған ҳалда Мәмлекетлик бюджетке өндирилиўин тәмийинлесин.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Бобоев) Туризм ҳәм спорт министрлиги (З.Казаков) менен биргеликте 2022-жылы ҳәм келеси жылларда социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасын қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Бағдарламаға киргизилген объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў ушын орайласқан капитал қойылмалардың лимитлерин ажыратсын.
  2. Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына мақсетли таярлық көриў шеңберинде олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша:

Өзбекстан Миллий олимпия комитети ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң қаржалары есабынан спортшы ҳәм тренерлерге Республикалық комиссия тәрепинен белгиленетуғын муғдарда стипендия көринисинде ҳәр айда төленетуғын төлемлер тайынланатуғыны;

миллий сайланды командалардың спортшылары, тренерлери ҳәм басқа да қәнигелери ушын ҳәр айлық стипендиялар, бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлықлар, баҳалы саўғалар ҳәм басқа да жәрдем көринисинде алынатуғын төлемлер физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығына тартылмайтуғыны ҳәм оларға социаллық салық ҳәм қамсызландырыў төлемлериниң есапланбайтуғыны белгиленсин.

  1. Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Өзбекстан Миллий олимпия комитети (Р.Шаабдурахманов), Өзбекстан Миллий паралимпия комитети (М.Ташходжаев), мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин:

а) спортты қаржыландырыў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығып, усы процесстиң ашық-айдын болыўы ҳәм жумсалған қаржылардың нәтийжелилигине итибарды қаратыў;

б) Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған қаржылардың нәтийжелилиги, ашық-айдынлығы ҳәм есап бериўшилигин арттырыў мақсетинде Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети ҳәм спорт федерация (ассоциация)ларына Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көриў ушын ажыратылып атырған қаржыларды Ғазнашылық бағдарламасы менен қамтып алыў ҳәм спорт федерация (ассоциация)ларын қаржыландырыў бойынша өз алдына тәртипти енгизиў;

в) Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынлары, Азия ҳәм Паразия ойынлары, абырайлы халықаралық спорт жарыслары (кубоклери)ның жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери, сондай-ақ, спортшыларды таярлаған тренерлер, шыпакерлер ҳәм басқа спорт қәнигелерин алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында хошаметлеўдиң заманагөй системасын енгизиў. Онда:

усы мәселелерди тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди системаластырыў;

өзин көрсете алған миллий сайланды командалардың спортшылары, тренерлери, шыпакерлери ҳәм басқа да спорт қәнигелерин турақ жай менен тәмийинлеў;

утыссыз лотереяларды шөлкемлестириў механизмлерин енгизиў;

спортшылар, тренерлер, шыпакерлер ҳәм басқа да қәнигелердиң бир жылда бир мәрте өзлери ушын қолайлы болған мүддетте санаторий-саламатландырыў мәкемелеринде саламатландырыў курсынан бийпул пайдаланыўының анық механизмлерин енгизиў нәзерде тутылады.

  1. Бас прокуратура (Н.Йўлдошев) Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов, Есап палатасы (Б.Турабов), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте Токио қаласында (Япония) болып өткен XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпия ойынларына таярлық көриў ушын ажыратылған қаржылардан Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, спорт федерация (ассоциация)лары, басқа да спорт шөлкемлери тәрепинен ақылға уғрас, үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланғаны (пайдаланып атырғаны), тендер ҳәм таңлаўлар ашық-айдын ҳалда өткерилгени (өткерилип атырғаны), коррупцияға жол қойылмағаны (жол қойылмай атырғаны), мәмлекетлик сатып алыўлардың басқа да тийкарғы принциплерине толық әмел еткенине (әмел етилип атырғаны) нызамлы баҳа берсин ҳәм оның нәтийжелери бойынша тийисли илажларды көрсин.
  2. Қаржы министрлиги (Т.Ишметов):

усы жылдың ақырына шекем 2021-жылы Токио қаласында (Япония) болып өткен XXXII жазғы Олимпиада ҳәм ХVI Паралимпия ойынларына таярлық көриўге Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылардың нәтийжелилигин үйренип шықсын ҳәм усыныслар киргизсин;

Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпия комитети ҳәм Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, спорт федерация (ассоциация)лары тәрепинен усыныс етилген талаплар тийкарында Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көриў ушын зәрүр қаржыларды орнатылған тәртипте 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов), Өзбекстан Миллий олимпия комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери усы қарардың мазмун-мәниси, Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларына таярлық көрип атырған Өзбекстан спортшылары ҳаққында қысқа метражлы видеороликлер ҳәм арнаўлы көрсетиўлердиң таярланыўын ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдухакимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

       Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр жылы 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 5-ноябрь