Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына 2021-2022-оқыў жылы магистратура қәнигеликлери бойынша кириў имтиханларында қатнасып, қәнигелик пәннен белгиленген максимал баллдың 40 проценти (40 балл) ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентлерди тийисли жоқары оқыў орны тәрепинен белгиленген төлемли контракт тийкарында баллар избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда қосымша қабыллаўға рухсат берилди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, магистратура кириў имтиханларында қатнасып, жоқарыдағы талапты орынлаған талабанлар жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссиясына 2021-жыл 9-ноябрьден баслап мүрәжат етиўи мүмкин.

Төлемли контракт муғдарының кеминде 50 процентин төлеўдиң соңғы мүддети 2021-жыл 20-ноябрь етип белгиленди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 22-июньдағы ПҚ-5157-санлы қарарына муўапық, магистратура қәнигеликлерине қосымша қабыллаў төлемли контракт муғдары бир студенттиң оқыўы ушын сарпланатуғын қәрежет муғдарынан келип шыққан ҳалда жоқары оқыў орны тәрепинен белгиленеди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.