Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 4-ноябрьдеги 674-санлы қарарына муўапық, ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Киргизилген қосымшаларға муўапық, бакалавриат ҳәм магистратура басқышлары студентлери ушын Президент ҳәм мәмлекетлик стипендияларды тайынлаў тәртиби өз алдына тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Президент стипендиясы ҳәр бир ЖОО бакалавриат басқышы студентлеринен 1 (бир) питкериўши курс студентине тайынланады.

Басқа мәмлекетлик стипендиялар соңғы еки курста оқып атырған студентлерге төленеди.

Стипендиялар ушын талабанларды көрсетиў ЖОО кеңеслери тәрепинен талабанлардың оқыў ҳәм илимий жумысларын ғалабалық додалаў тийкарында әмелге асырылады.

ЖОО кеңеси қарарына муўапық, таңлаўлардың гезектеги басқышына усыныс етилген талабанлар «stipendiya.edu.uz» системасына ҳәр жылы 1-15-август күнлери киргизиледи.

Стипендия тайынлаў ҳаққындағы усыныснамаларды бериў 10-30-сентябрь күнлери көрип шығылады.

Стипендиялар 1-сентябрьден тайынланады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.