Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-июльдағы ПҚ-5172-санлы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти гранты енгизилген еди.

Усы қарарға муўапық, мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги тәлим бағдарларына кириў имтиханлары нәтийжелерине муўапық, билимлендириў тараўлары кесиминде, билим алыў тилине қарамастан, республика бойынша ең жоқары балл топлаған абитуриентлердиң 200 и Президент грантына табалан болатуғыны белгиленди.

Бунда:

– Президент гранты ушын ажыратылған квотаның билимлендириў тараўлары бойынша бөлистирилиўи ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланады;

– белгили бир билимлендириў тараўы ушын ажыратылған Президент гранты квотасы бойынша соңғы орындағы абитуриент ҳәм оның менен бирдей балл топлаған барлық пуқаралар Президент грантына талабан болады.

Мәмлекетлик комиссияның 7-санлы протоколында 2021-2022-оқыў жылы ушын 25 билимлендириў тараўының ҳәр бирине 8 ден квота ажыратылған болып, айырым тараўларда сегизинши ҳәм оннан кейинги орынлардағы абитуриентлердиң топлаған баллары бирдей болғанлығы ушын улыўма 257 абитуриент Президент грантына талабан болды.

Билимлендириў тараўлары кесиминде Президент грантына талабанлардың саны ҳәм өтиў баллары Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен жәрияланды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.