Белгили спорт ветераны Зарипбай Алланиязовтың басламасы менен 2004-жылы Нөкис қаласындағы «Ақжағыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында спорт зал қурылып, жас спортшылардың ийгилиги ушын пайдаланыўға берилген еди. Мине өткен дәўир ишинде бул жерден бир нешше халықаралық турнирлердиң, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары бириншиликлериниң жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери жетилисип шықты.
-Ол ўақытлары қаламызда спорт залы онша көп емес еди,-дейди спорт ветераны Зарипбай Алланиязов.-Өзлеримиз жаслық ўақытлары қала орайына қатнап спорт пенен шуғылландық. Аймағымызда спортқа, соның ишинде, боксқа қызығатуғын жаслар көпшиликти қурайды. Деген менен, олардың қала орайындағы спорт залға қатнап шуғылланыўы ушын имканияты жоқ.
Усыларды есапқа алған ҳалда, аймағымыздан спорт зал ашыўды мақсет еттик. Бизлердиң бул басламамызды ата-аналар да қоллап-қуўатлады. Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң қарары менен 30 сотих жер майданы ажыратылып, көмек жолы менен 28×12 көлеминдеги спорт зал, спортшылардың кийиниў ҳәм шешиниў ханасы, монша қурып, пайдаланыўға тапсырылды. Бокс пенен шуғылланыў ушын керекли болған инвентарлар менен тәмийинледик.
Өзлериңиздиң хабарыңыз бар, 2008-жылы республикамызда кәсип-өнер колледжлери менен академиялық лицейлердиң оқыўшылары арасында «Бәркамал әўлад» жарысы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы биринши орынды ийеледи.
Келеси жылы Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Балалар спортын раўажландырыў қорының басшылары Нөкис қаласындағы бир қатар спорт залларды, соның ишинде, бизлердиң спортмыздың залды жағдайлары менен танысты. Бизлердиң басламамызды қоллап-қуўатлаған ҳалда Балалар спортын раўажландырыў қорының есабынан ринг саўға етти. Бул бизлерди қуўандырды.
Спорт пенен шуғылланыўшы балалар санының көплигин есапқа алып бул жерге жақын жерден 30×15 көлеминдеги және бир спорт залдың тырнағы қаланды. Деген менен, қаржының жетиспеўинен қурылыс жумыслары тоқтап қалды.
Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы 2 ҳәм 3-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплеринен, республикалық спорттың жекпе-жек түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинен 3 тренердиң басшылығында бир нешше балалар бокс пенен шуғылланып келмекте. Олардың арасында келешегинен үмит күттиретуғын спортшылар көпшиликти қурайды. Атап айтқанда, Ерназар Айтбаев өз салмақ категориясында Өзбекстан чемпионы болған болса, Гулбану Парахатова үшинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, Расул Базарбаев пенен Аман Кеўлимжаев халық аралық турнирлерде сыйлы орынларды ийеледи. Бир нешше тәрбияланыўшылар Қарақалпақстан чемпионлары болды.
Деген менен, бүгинги күни спорт зал ашынарлы жағдайда. Бир нешше жылдан берли оңлаў жумыслары исленген жоқ. Нәтийжеде дийўаллары жарылып атыр. Электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўынан қарыздарлық артып бармақта.
Сонша балалардың сүйикли орнына айланған спорт залды жабыўға көзиң қыймайды. Бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында балалар спортын раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратылып атырған бир пайытта Нөкис қаласы ҳәкимлигинен, сектор ҳәм тараў басшыларынан, мәкан пуқаралар жыйынынан, аймақтан сайланған ҳүрметли депутатларымыздан ҳеш қандай жәрдем жоқ.
Бирде биреўи келип, жағдай менен танысып кетпеди. Ҳәттеки, қызықпайды да. Спорт пенен турақлы шуғылланған баладан ҳеш ўақытта жаманлық шықпайды. Сонлықтан да бир нешше жыллардан берли жас спортшылардың ийгилиги ушын хызмет етип киятырған спорт залға жоқарыдағы тийисли шөлкемлер, қәўендер мәкемелер жәрдем қолын созса, мақсетке муўапық болар еди. Жағдай усылай даўам ете берсе жақын күнлерде балалар спорт пенен шуғылланыўдан бийнесип қалады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери