Халықтың мүрәжатларын тыңлаў, машқалаларын шешиў мәселелерине Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен де айрықша әҳмийет қаратылмақта.
– Пуқаралардың мүрәжатлары қабыл етилип, халықты қыйнап атырған мәселелердиң қысқа ўақыт ишинде унамлы шешилиўин тәмийинлеў Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамы талаплары тийкарында алып барылмақта,-дейди басқарманың Мүрәжатлар менен ислесиў топары бас инспекторы, бажыхана хызмети капитаны Р.Қурбанов. – Ҳәзирги ўақытта пуқаралардың аўызша, жазба ямаса электрон тәриздеги мүрәжатларын қабыл етиў ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.
Быйылғы жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасына физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден тараў жумысларына байланыслы өзлерин қызықтырған сораўлар, соның менен бирге, арза, усыныс ҳәм шағымлар сыяқлы жәми 95 мүрәжат келип түскен. Соннан 71 ин физикалық, 24 ин юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары қурайды. Мүрәжатлардың 25 и жазба, 27 си электрон. 43 и аўызша формада келип түскен. Келип түскен мүрәжатлардан жигирма беси унамлы шешилип, 65 мүрәжат бойынша түсиндириў жумыслары алып барылған. 5 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа уйымларға жиберилген.
Бажыхана уйымлары барлық физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўи, товарларды бажыхана шегарасы арқалы алып өтиў тәртип-қағыйдалары, бажыхана төлемлериниң түрлери, ставкалары сыяқлы басқа да мүрәжатларын өз ўәкиллиги шеңберинде көрип шығып, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлеринде бажыхана шөлкемлери жумысына тийисли әмелдеги машқалалар менен усынысларды толық үйренип шығып, нызамшылық шеңберинде шешиўге бәрқулла таяр екенлигин мәлим етемиз.
Соның менен бирге, барлық физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң бажыхана тараўына тийисли мүрәжатларын Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң қысқа 11-08 ямаса Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының (61) 224-90-86 исеним телефон номерине қоңыраў етип жоллаўы мүмкинлиги ескертип өтемиз.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги