Пакистан стратегиялық изертлеўлер институтының атқарыўшы директоры Халид Акрам менен сайлаў процесслериниң қалай өткени ҳәм оның нәтийжелери ҳаққында сәўбетлестик.

– Сайлаўды бақлаў даўамында сизиң кеўлиңизден қандай пикирлер өтти?

-Сайлаў күни Ташкент қаласындағы онлаған сайлаў участкаларында болдым. Ҳәр бир участкада карантин талапларына қатаң әмел етилгени итибарымды тартқан әҳмийетли тәрепи болды. Участкаға кирип киятырған адам ким болыўына қарамастан, яғный сайлаўшы болмаса да қоллары зыянсызландырылып, жаңа нықап берилди. Ҳәр бир участкада медицина хызметкерлери бар еди. Ҳәттеки, медицина ханалары да ашып қойылған. Бул биз бақлаўшылардың да өзимизди қәўипсиз, сайлаўды арқайын бақлаўымызға тийкар болды.

Сайлаўды бақлаў тийкарында халықтың жоқары дәрежедеги аўызбиршилиги анық көзге тасланды. Әсиресе, даўыс берип атырғанлар арасында жасларды көбирек ушыраттым. Өз мәмлекетиндеги сиясий ўақыяға бийпәрўа болмаған жаслардың бар екенлиги-бул жүдә үлкен әўмет. Себеби, олар келешек ийеси, ертеңги күнди қурыўшылар. Олар саналы ҳәм белсенди болса, елдиң келешеги соған жараса жақсы болатуғыны сөзсиз.

-Сайлаў ўақтында нызамларға қайшы болған ямаса сизди қапа еткен жағдайлар болды ма?

-Буннан алдын 8 мәмлекетте сайлаў процесслеринде бақлаўшы болып қатнасқанман. Билесизбе, бул сайлаўдай  тәртипли ҳәм халқы белсене қатнасқан процессти көрмегенмен, десем исенебериң. Қысқасы, бул сайлаўдан жақсысы болмаған!

Бақлаўшы сыпатындағы жумысым даўамында өзимдей ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген бақлаўшылар менен де көп сөйлестим. Мен олардың пикирлери менен қызықсындым, мен көрмей атырған қандай да бир әдилсизлик бара екен, деп. Тек ғана жақсы пикирлер еситтим.

-Стратегиялық изертлеўлериңиз Өзбекстан ҳәм Пакистан қатнасықларына қандай баҳа береди?

– Пакистан ҳәм Өзбекстан халықлары бурыннан жақын дос болып келгени ҳеш кимге сыр емес. Бул өз-ара дослық, бирге ислесиў қатнасықлары кейинги жыллары жүдә раўажланды. Бул мәмлекетлеримиз басшыларының ҳәрекетиниң күшейгени себепли.

Пурсаттан пайдаланып, сайлаўда исенимли жеңиске ерискен, Өзбекстанның Президенти сыпатында сайланған Шавкат Мирзиёевты халқымыздың атынан шын кеўилден қутлықлайман.

Усы жерде, биз Шавкат Мирзиёевты өткен бес жыллық Президентлик дәўиринде алып барылған кең көлемли жумыслары ушын Орайлық Азияның лидери, деп билетуғынымызды айтып өтпекшимен.

Пакистанда мине усы темада «Уллы мәртебели Мырза – жетик мәмлекет басшысы» деп аталған китап та басып шығарғанбыз. Бул китапта Пакистанның ең жетик сиясатшылары, илимпазлары, изертлеўшилериниң Мирзиёевтың жумысы ҳаққындағы пикирлери, илимий изленислери, Өзбекстан ҳәм Пакистан қатнасықларының өзине тән тәреплери, еки мәмлекеттиң бирге ислесиў перспективалары ҳаққында кеңнен пикир жүргизилген.

Жаңадан сайланған Президент Шавкат Мирзиёев өткен бес жылда тек ғана мәмлекет емес, ал Орайлық Азия, ҳәттеки, Азия регионында алып барылыўы керек болған кең көлемли жумыслар бойынша үлкен идеялар менен басламаларды алға қойған болса, келешекте оларды әмелге асырыўға кириседи, деп ойлайман. Мен бул жолда Уллы мәртебели Мырзаға күш-қуўат ҳәм әўмет тилеймен!

 

ӨзАның хабаршысы

Норгул Абдураимова

сәўбетлести.