Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайында 1-ноябрьден қысқа мүддетли оқыў курсларында қайта таярлаў жолға қойылады. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Әдиллик министрлигиниң берген мағлыўматларын бола, бул республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық орайлар ҳәм басқа да мәмлекетлик медициналық мәкемелер басшыларының маманлығын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.
Мағлыўмат ушын, оқыў курслары денсаўлықты сақлаў тараўында басқарыў (Healthcare Administration) бағдары бойынша алып барылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги