Бул хабарлар бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызмети мүнәсибет билдирди.

Мәлим етилиўинше, жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң 25-октябрьден дем алысқа шығыўына байланыслы хабар ҳеш қандай тийкарға ийе емес. Министрлик социаллық тармақ пайдаланыўшыларын өтирик, тийкарсыз хабарларға исенбеўге шақырады.

Өтирик хабар тарқатыў Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексине бола, жуўапкершиликке себеп болатуғынын мағлыўмат орнында атап өтиў керек.

 

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА