Қарар ҳәм орынланыўы

Бүгин пайтахтымыздың «International» мийманханасында ҒМДА мәмлекетлериниң жер астын излеў, пайдаланыў ҳәм қорғаў бойынша Ҳүкиметлер аралық кеңесиниң XXIV сессиясы болып өтти.

Өзбекстан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан,, Тәжикстан ҳәм Россия делегация ўәкиллери қатнасқан илажда ҒМДА мәмлекетлериниң жер астын излеў, пайдаланыў ҳәм қорғаў сыяқлы мәселелеринде өз-ара бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылды.

Атап өтилгениндей, ҒМДА мәмлекетлериниң жер астын излеў, пайдаланыў ҳәм қорғаў бойынша Ҳүкиметлер аралық кеңеси 1997-жыл 27-марттағы Минерал-шийки зат ресурсларын үйрениў, излеў ҳәм пайдаланыў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимге муўапық шөлкемлестирилген ҳәм ол ҒМДА шөлкеми болып есапланады.

Келисимге Армения, Әзербайжан, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Молдова, Тәжикстан, Украина ҳәм Россия тәрепинен қол қойылған.

– Ҳүкиметлер аралық кеңестиң ең әҳмийетли бағдары келисилген түрде ҳәрекет етиў жолы менен ҒМДА шеңберинде жер асты байлықларын үйрениў, излеў, пайдаланыў ҳәм қорғаў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған,-деди Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бөлиминиң баслығы Зиёда Аҳмедова. – Онда минерал-шийки зат ресурсларын үйрениў, излеў ҳәм пайдаланыў тараўында бирге ислесиў, жаңа ҳәм заманагөй усыллардан пайдаланыўды кеңейтиў, сондай-ақ, ҒМДА мәмлекетлери қәнигелери арасында тәжирийбе алмасыў, шегара алды аймақларын геологиялық үйрениў, Геологиялық түрдеги улыўмаласқан карталарды дүзиў ҳәм минерологиялық потенциалды баҳалаў, тереңликке байланыслы геологиялық-геофизикалық изертлеўлерди өткериў сыяқлы мәселелер қамтып алынған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-июльдеги «Халықаралық шәртнамаға қосылыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген. 2020-жыл 26-мартта ҒМДА Атқарыў комитети тәрепинен Өзбекстан  2020-жыл 16-марттан баслап келисимге қосылғанлығы мәлим етилген. Мәмлекетлик геология комитети Өзбекстан Республикасы «Халықаралық шәртнамалар ҳаққында»ғы нызамының 34-статьясына муўапық бул келисим қағыйдаларының орынланыўын тәмийинлейди.

– Ҳәзирги ўақытта Мәмлекетлик геология комитети пайдалы қазылмалар кәнлары жайласқан шегара алды аймақларды биргеликте геологиялық үйрениў, сондай-ақ, қоңсы Тәжикстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлери менен 1: 1000000 масштабтағы улыўмаласқан геологиялық карталарын дүзиў ҳәм жер қатламының ири блокларының минерологиялық потенциалын баҳалаў жумысларында қатнаспақта.

Ҳүкиметлер аралық кеңес өзиниң жумысын 5 жыллық Келешек режеси бойынша әмелге асырып атыр. Онда жер астын геологиялық үйрениў, мәмлекетлердиң минерал-шийки зат базаларын толықтырыў ҳәм сапа жағынан жақсылаўға байланыслы турақлы жойбарларды ҳәм бирге ислесиўдеги бағдарламаларды әмелге асырыў, илимий изертлеўлердиң тийкарғы бағдарлары, перспективалы жойбарлаў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық қолланбаларды анықлаў жумыслары сәўлеленеди,-деди Зиёда Аҳмедова.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы