Мәмлекетимизде таў-кән санааты аўыр жоғалтыўға ушырады.

Пүткил мийнет жолы даўамында Наўайы кән-металлургия комбинатында пидәкерлик пенен хызмет еткен экскаваторшы-машинист, мийнет ветераны, Өзбекстан Қаҳарманы Анатолий Николаевич Панин усы жылы 21-октябрьде 72 жасында қайтыс болды.

А.Панин 1949-жыл 12-март күни Россия Федерациясының Тула ўәлаятындағы Узлов районында туўылды. Орта мектепти питкерип, дәслеп Дон қаласында кәсип-техника мектебинде, кейин ала Наўайы кәсип-өнер техникумында билим алды.

Пүткил өмири ҳәм мийнет жолын Өзбекстан таў-кән санаатының раўажланыўына бағышлаған А.Панин Наўайы кән-металлургия комбинатының Арқа кән басқармасына қараслы «Шығыс» карьеринде жумыс баслап, көп жыллар даўамында экскаватор машинисти, машинистлер бригадири, участка устасы ўазыйпаларында жемисли мийнет етти.

Өз кәсибиниң ҳақыйқый жанкүйери болған А.Панин бай билим ҳәм тәжирийбеси бәршеге үлги болатуғын мийнет сүйгиш, мәртлик, жанажан Ўатанымызға муҳаббат сыяқлы жоқары инсаныйлық пазыйлетлери менен тек ғана кәншилер жәмийетшилиги емес, ал көп миллетли халқымыздың ҳүрмет-итибарына ийе болды.

Ол Қызылқум саҳрасы қушағындағы сийрек ушырасатуғын қазылма байлықларды өзлестириўде белсендилик көрсетти.

А.Панин әсиресе ғәрезсизлик жылларында мақтанышлы мийнети, жеке ибрати, жәмийетлик жумысларға белсене қатнасыўы арқалы экономикамыздың әҳмийетли стратегиялық бағдары болған таў-кән санаатының раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў, усы тармақта жаңа өндирис қатнасықлары ҳәм дәстүрлерин қәлиплестириўге мүнәсип үлес қосты.

Соның менен бирге жас кәншилер әўладын тәрбиялаў, өзи жасаған Үшқудық районын экономикалық-социаллық раўажландырыў, өндиристе жоқары экономикалық нәтийжелиликке ерисиўде оның хызметлери үлкен болды.

Соңғы жылларда халық депутатлары Үшқудық районлық Кеңеси депутаты сыпатында аймаққа реформаларды әмелге асырыў, халықты социаллық қорғаў, түрли миллет ўәкиллери арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, спорт ҳәм саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыўда айрықша белсендилик көрсетти.

А.Панинниң мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери жоқары дәрежеде тән алынып, 1995-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» жоқары атағы ҳәм «Олтин юлдуз» медалы менен сыйлықланған еди.

Мәмлекетимиз кән-металлургия тараўының ҳақықый пидәкери ҳәм ҳүрметли ветераны, меҳрибан устаз, жақсы ҳәм кишипейил инсан Анатолий Николаевич Панинниң естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, Қ.Турсунов, Қ.Санакулов