Президент Шавкат Мирзиёев санаат кәрханаларының жумысы, социаллық жойбарлар менен танысыў, халық пенен сөйлесиў мақсетинде 21-октябрь күни Жиззақ ўәлаятында болды.

Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятының сайлаўшылары менен ушырасты.

«Жиззақ» еркин экономикалық зонасында жайласқан «ADM Jizzakh» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде автомобильлерди ири узелли жыйнаў шөлкемлестирилди. Бул жойбардың биринши басқышы болып, усы жылдың март айында иске қосылды.

Президент Шавкат Мирзиёев усы заводтағы жумыс процесин көзден өткерди.

Бул биринши жойбардың баҳасы 12 миллион доллардан аслам. Жыллық өндирис қуўатлылығы 25 мың дана. Завод мультибрендли болып, бул жерде «KIА», «Renault» ҳәм «Lada» маркалы  10 түрли жеңил автомобиль жыйналмақта. Бүгинги күнге шекем ишки базарға 2 мыңнан аслам автомобильлер жеткерип берилген. Бул машиналар жоқары сапасы, заманагөй дизайны ҳәм ықшамлығы, үнемлеўшилиги, сервис хызметлериниң арзанлығы, басқарыў қолайлығы менен тутыныўшыларға мақул келмекте. Автомобильлерге бес жыллық кепиллик берилмекте. Кәрханада 250 қәниге ислемекте.

Мәмлекетимиз басшысына жойбардың екинши басқышы ҳаққында мағлыўмат берилди.

216 миллион долларлық усы жойбар шеңберинде киши узелли өндирис өзлестириледи. Яғный,  314 түрдеги комплектлеўши бөлеклерди таярлаў, кепсерлеў, бояў ҳәм жыйнаў жолға қойылады. Оны 2023-жылдың биринши шерегинде иске қосыў режелестирилген.

Буның нәтийжесинде завод қуўатлылығы жылына 100 мың данаға шығады. Және 3 мың жаңа жумыс орны пайда болады. Бул басқышта локализациялаў 30 процентке жеткерилип, жылына 150 миллион долларлық автомобильлер экспорт етиледи. Завод таяр автомобиль ҳәм комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыў, конструкторлық, логистика, кадрлар таярлаў тараўларын қамтып алады.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул завод көплеген киши кәрханалар, хызметлер шөлкемлестирилиўине түртки болады. Мәселен, ҳәзирги ўақыттан-ақ Жиззақ қаласы, Пахтакор ҳәм Шараф Рашидов районларында комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў бойынша 500 миллион долларлық 60 жойбар қәлиплестирген. Сондай-ақ, Америка ҳәм Европаның абырайлы инжиниринг компаниялары менен бирге ўәлаятта тәжрийбе-конструкторлық ҳәм дизайнерлик орайы шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы локализациялаў дәрежесин арттырып, автомобильлердиң баҳасын арзанлатыў, тутыныўшыларға таңлаў имканиятын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятының ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға қаратылған  жумыслардың барысы менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы қарарына муўапық, бул жерде Зарафшан дәрьясы суўынан пайдаланыў есабынан ишимлик суўы системасын жақсылаў жойбары әмелге асырылмақта.

Баҳасы дерлик 580 миллиард сум болған бул жойбар шеңберинде суў алыў ҳәм тазалаў объектлери, «Жиззақ» суўды бөлистириў узели 183 километр магистрал тармақлардың қурылысы белгиленген.

Жуўапкерлер жойбар шеңберинде орынланған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Бүгинги күнде Болунғур районында Зарафшан дәрьясында 100 мың куб сыйымлы «Узунбулоқ» суў тазалаў объекти, насос станциясы, лаборатория, фильтрлеў станциясы ҳәм жәрдемши имаратлар қурып питкерилген. «Узунбулоқ-Гагарин» магистрал тармағының Жиззақ қаласына шекемги 77 километри тартылған. «Жиззақ» суў бөлистириў объекти, 5 мың куб метр сыйымлы еки суў бассейни қурылған. Енди бул объектлерден Гагарин қаласына шекем  90 километр суў тармағы тартылады.

Бул тарийхый жойбардың нәтийжесинде Бахмал, Ғәллеарал, Шараф Рашидов, Пахтакор, Дослық ҳәм Мырзашөл районлары және Жиззақ қаласындағы 163 мәҳәлледе жасайтуғын 700 мың халыққа таза ишимлик суўы жетип барады.

Илажда жиззақлы нуранийлар, мәҳәлле белсендилери, зыялылар, жаслар қатнасты.

– Жиззақ ўәлаятында ишимлик суўы бойынша жағдай аўыр еди. Бул суўды жиззақлылар 30 жылдан аслам күтти. Мен ҳәким болған ўақытларда қанша ҳәрекет еттик. Бирақ жойбар да, пул да жоқ еди. Мине, арзыўларымыз әмелге асып атыр. Енди бул системаның ҳәр бир объектине, ҳәр бир районнан өткен бөлегине тәжирийбели қәнигелерди бириктирип, сапалы ислетиў керек. Жасларды мәлимлеме технологиялары тийкарында ислейтуғын бул система бойынша оқытыў да зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жойбарды 2022-жылдың биринши ярымында жуўмақлаў режелестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаяты Шараф Рашидов районындағы «Голд Фиш агро» балықшылық класстериниң жумысы менен танысты.

Жиззақ ўәлаятында 220 дан аслам балықшылық хожалығы жумыс ислемекте. Оларда жылдың ақырына шекем улыўма  23 мың тонна балық жетистириў мөлшерленбекте.

Быйыл олардың қатарына «Голд Фиш агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети де қосылды. Баҳасы 30 миллиард сум муғдарындағы бул жойбар уўылдырықларды таярлаўдан баслап, балық жетистириў, қайта ислеў, от-жем ислеп шығарыўды қамтып алған.

Кластер майданы 43 гектар болып, соннан  4 гектарында интенсив ҳәм ярым интенсив усылда балық жетистириў жолға қойылған. Жасалма бассейнлерде Қытай технологиясы орнатылған. Бул турақлы суў талап етпейди, ал өзиндеги суўды қайта айландырып ислейди. Ҳәзир ҳәр бир жасалма бассейнде мыңға шекем сазан бағылмақта. 2 гектар майданды ийелеген жасалма көллерде болса ярым интенсив усылда балық жетистирилмекте.

Улыўма, кластер жылына 500 тонна балық жетистириў қуўатлығына ийе. Усы жердиң өзинде балықты қайта ислеў цехы, 800 тонна сыйымлы заманагөй музлатқышларда бар.

Мәмлекетимиз басшысы балық жетистириў процесин көзден өткерди. Бул тәжирийбени ен жайдырып, халықты да тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў деп атырмыз, ҳәр бир шаңараққа дәрамат дәрегин жаратыўды ойлап атырмыз. Мине таяр жойбар. Усындай бассейнлерди жеткерип берип, тәртип-қағыйдасын үйретип, үй шараятында балық бағыўды көбейтиў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ислеп шығарыўшыларды шийки зат ҳәм айланыс қаржы менен тәмийинлеп, жасалма бассейнлерди көбирек таярлаў ҳәм орынларға жеткериў бойынша көрсетпелер берилди.

Усы жерде Жиззақ ўәлаятында жүзимгершиликти раўажландырыўға байланыслы жойбарлар таныстырылды.

Аймақтың тәбияты жүзимгершилик ушын оғада қолайлы. Буннан пайдаланып, Бахмал, Ғәллеарал, Замин, Шараф Рашидов, Зарбдор ҳәм Янгиобод районларында 42 кластер шөлкемлестирилип, 50 гектар майданда жүзимгершилик ҳәм интенсив бағлардың қурылыўы режелестирилген.

Шавкат Мирзиёев Шараф Рашидов районында жүзимгершилик кластерин жаратып, өнимди көбейтиў, энотуризмди раўажландырыў бойынша тапсырмалар берди. Халыққа өнимдарлы сортлар берип, жүзимди сатып алыўды жолға қойыў арқалы бес мың адамның бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,

ӨзАның хабаршылары