Мүддетинен бурын даўыс бериў Өзбекстанда, сондай-ақ, сырт елдеги сайлаў участкаларында да өткериледи. Усы жыл 24-октябрь сайлаў күнинде Россияда жайласқан Өзбекстан пуқаралары республиканың Санкт-Петербург, Казань, Ростов-на-Дону, Екатеринбург, Новосибирск ҳәм Владивостоктағы алты консуллығында жергиликли ўақыт пенен саат 8:00 ден 20:00 ға шекем даўыс бериўи мүмкин деп хабар береди xs.uz.
Өзбекстанның барлық ер жеткен пуқаралары консуллық дизимге қарамастан даўыс бериў процесинде қатнасыўы мүмкин.
Даўыс бериў ушын паспортыңызды көрсетиўиңиз керек.
Сайлаў нәтийжелери 2021-жыл 3-ноябрьге шекем жәрияланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги