Өзбек тили – миллий өзлигимиз тымсалы, тил – миллет ҳәм Ўатан түсиниклери сыяқлы муқаддес болып есапланады, ана тилисиз жәмийеттиң раўажланыўына ерисе алмайды.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен «Мәмлекетлик шөлкемлерде өзбек тилинен пайдаланыўды жетилистириў» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.
Илажда Сыртқы ислер министрлигиниң хызметкерлери, мәмлекетимиздиң сырт елдеги елшиханаларының ўәкиллери, профессор-илимпазлар ҳәм филологлар қатнасты.
Сәўбетлесиў даўамында елимизде өзбек тилин толық енгизиўди тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик шөлкемлерде өзбек тилинен пайдаланыўды жетилистириў, өзбек тили ҳәм тил сиясатын раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлери ҳәм тийкарғы бағдарлары ҳаққында айтылды.
Бизге белгили, өзбек тили байрамы халқымыздың мәнаўий турмысынан барған сайын беккем орын ийелеп бармақта. Сонлықтан, мәмлекетимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери өзбек тилин үйрениўге үлкен қызығыўшылық билдирип атырғаны айрықша атап өтилди.
Усы жерде Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 23-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында жоқары дәрежедеги улыўма сиясий сөйлесиўлерде өзбек тилинде шығып сөйлегени де ана тилимизге болған тибар артыўына себеп болды, десек қәте болмайды.
Тилши илимпазлардың тән алыўынша, сырт мәмлекетлердиң 70 ке шамалас университетлери ҳәм 100 ден аслам мектеплеринде өзбек тили үйренилмекте. Қалаберди, дүнья бойлап 50 миллионнан аслам адам өзбек тилинде сөйлеў алыўы әҳмийетли факт есапланады.
– Министрлик өзбек тилин раўажландырыў, оны жетилистириў ҳаққындағы қарарлардың орынланыўы шеңберинде бир неше жумысларды әмелге асырып келмекте. Мәселен, сырт мәмлекетлерде 70 ке шамалас «Өзбек тили дослары» клублары шөлкемлестирилип, бул 30 ға шамалас мәмлекетлерди өз ишине алады. Бул өзбек тилин үйрениў, оны үгит-нәсиятлаў ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған ўақыялар ҳаққында мағлыўматлар алып турыў имканиятын береди – деди Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша мәсләҳәтшиси Анвар Абдуҳалимов. – Буннан тысқары, 2021-жылы «Ўатанласлар» сайты иске қосылды, усы сайтта өзбек тилиндеги фиьмлер, мультфильмлер ҳәм бир қатар бағдарламалар жайластырылған.
Сырт ел университетлериндеги өзбек тили оқытыўшыларының дәслепки дизими қәлиплестирилгени атап өтилди. Бул республикамыздағы мәпдар министрликлер ҳәм уйымларға жиберилген. Себеби, сырт мәмлекетлердеги билимлендириў мәкемелеринде өзбек тили оқытыўшыларын зәрүр сабақлық ҳәм қолланбалар менен тәмийинлеў механизми жаратылған.
Илаж соңында мәмлекетимиздиң сырт елдеги елшиханаларының ўәкиллери жумыс барысында өзбек тилинен пайдаланыўды жетислистириў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы