Мәмлекетимизде усы жыл 24-октябрь күни өткерилетуғын әҳмийетли сиясий ўақыя – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына 4 күн қалды.

Сайлаў системасын реформалаў ҳәм демократияластырыў, оның ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, миллий нызамшылықты сайлаўға байланыслы халықаралық стандартларға сәйкеслендириў бойынша әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде гезектеги сайлаў жоқары дәрежеде өтиўи күтилмекте.

Ҳәзирги ўақытта ӨзЛиДеПтен көрсетилген Президентликке талабан ҳәм әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасы бойынша орынларға бекитилген депутатлар, белсендилер, үгит-нәсият топарлары тәрепинен барлық орынларда, әсиресе, мәҳәллелерде үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары М.Ибрагимов, Б.Алдамуратов, ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң бөлим баслығы Г.Халмуратова партия белсендилери, үгит-нәсият топарлары ағзалары, жас волонтёрлар менен биргеликте Нөкис қаласындағы «Мега-Нөкис» саўда-кеўил ашар комплекси ҳәм «Корзинка» саўда орайларында талабанның сайлаўалды бағдарламасы бойынша таярланған буклет, флайер, тарқатпа материалларды халыққа тарқатты.

Үгит-нәсият жумыслары даўамында пуқаралар сайлаўға белсене қатнасыўға шақырылып, өзи мүнәсип деп есаплаған талабанға даўыс бериўи ҳәм мәмлекеттиң келешегин белгилейтуғын усы процесстиң әҳмийети кеңнен түсиндирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги