Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясы ҳәм онда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылы 29-июльде «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-майдағы 18-майдағы «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеў институтының илимпазлары тәрепинен қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
-Арнаўлы резолюцияда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша қабыл етилген «Жол картасы»нда Аралбойы аймағында жаратылған жергиликли топырақ-климат шараятына сай аўыл хожалығы егинлери сортларының егинлик майданларын кеңейтиў белгиленген,-дейди институт директоры, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Бекмурат Турдишев.-Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын судан өсимлигиниң «Чимбайская юбилейная» сортының туқымгершилигин шөлкемлестириў ҳәм аўыл хожалығына енгизиў тапсырмасының орынланыўы бойынша институт илимпазлары тәрепинен ислеп шығылған «Судан өсимлиги»(Sorghum sudanse Piper) ҳәм жүўери (sorghum saccharatum L.) сортларының бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестириў және плантациясын жаратыў» темасында инновациялық жойбар ислеп шығылды. Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен жәрияланған 2022-2023-жылларға мөлшерленген әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар таңлаўының 51-турында қатнасыў ушын усынылды ҳәм дизимге алынды.
Сондай-ақ, 2021-жылы институттың от-жемлик егинлердиң селекциясы туқымгершилиги лабораториясының егислик майданында судан өсимлигиниң «Чимбайская юбилейная» сортының 400 килограмм оригинал супер элита туқымы таярланды. Усы тийкарда алдағы ўақытлары институт тәжирийбе хожалығының егислик майданларында сорттың бирлемши туқымгершилиги шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, Президентимиздиң басшылығында 2020-жылдың 3-декабрь күни илим ҳәм инновациялық раўажланыў бағдарында жоқары оқыў орынлары, илимий мәкемелер, тармақ ҳәм аймақлар алдындағы әҳмийетли ўазыйпаларды додаланыў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилиси протоколының 3-бәнтинде азықлық егинлердиң жаңа сортларын жаратыў тапсырмасы берилди. Усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде институт илимпазлары тәрепинен «Аралбойы шараятында от-жемлик егинлериниң шорға шыдамлы ҳәм жоқары зүрәәтли жергиликли сортларын жаратыў» темасындаги әмелий жойбар ислеп шығылды. Бул жойбар Инновациялық раўажланыў министрлигиниң әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар таңлаўына усынылып, илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде 2021-2022-жылларда орынланатуғын әмелий жойбарлар таңлаўының жеңимпазы деп табылды. Ҳәзир усы жойбар бойынша изертлеў жумыслары алып барылмақта.
Жойбардың тийкарғы мақсети, Аралбойының шорланған топырақ шараятында жүўери, африка тарысы, судан өсимлигиниң жергиликли ҳәм сырт ел коллекциясын үйрениў және өзгешеликлерин анықлаў болып табылады. Аймағымыздың топырақ-климат шараятына бейимлестириў, жаңа гибридлерди үйрениў тийкарында шорға шыдамлы, ерте писер, вегетация дәўири 100-110 күн ҳәм орта писер 120-130 күн болған, жоқары сапалы ҳәм өнимдарлы сортлар жаратылып, мәмлекетлик сорт сынаў комиссиясына усынылады.
Күтилетуғын нәтийже болса, жойбар жуўмағында судан өсимлигинен бир, жүўериден еки ҳәм африка тарысынан еки жергиликли сорт жаратылып, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы егинлери сорт сынаў комиссиясына усынылады ҳәм Өзбекстан Республикасы Интеллектуаллық мүлк агентлигине ойлап табыўға талапнама жазылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларын шарўашылыққа қәнигелестириў, усы аймақларда заманагөй шарўашылық комплекслерин иске түсириў, қара маллар ушын азықлық ислеп шығарыўды системалы алып барыў, азықлық егинлердиң өнимдарлы жаңа жергиликли сортларын жаратыў, туқымгершиликти ҳәм оны системалы жеткерип бериўди, сондай-ақ, қәнигелестирилген туқымгершилик хожалықларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылған. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 24-августтағы «Аўыл хожалығы егинлериниң жоғалып кетиў қәўпи астында болған айрықша белги ҳәм өзгешеликлерге ийе жергиликли сортларын қайта тиклеў ҳәм олардың оригинал туқымгершилигин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында дүнья әмелиятында кеңнен қолланылып атырған заманагөй усыл және технологиялардан пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы егинлериниң жоғалып кетиў қәўпи астында болған айрықша белги ҳәм өзгешеликлерге ийе жергиликли сортларын қайта тиклеў ҳәм аймақларда келешеги бар сортлардың оригинал туқымгершилигин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылған.
Усы қарарлар ҳәм тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ҳәзирги ўақытта республикамызда шарўашылықты раўажландырыў машқаласын толық шешиў, қара малларға от-жем базасын жаратыў ушын жоқары азықлық бирлигине ийе от-жемлик егинлердиң өнимдарлы сортларынның туқымгершилиги системасын жаратыў оғада әҳмийетли мәселеге айланды. Усы тийкарда от-жемлик егинлер сортларының (беде, мәкке, жүўери, судан өсимлиги ҳәм африка тарысы) дәслепки туқымгершилигин институт тәжирийбе хожалығында шөлкемлестириў бойынша әмелий және инновациялық илимий жойбарлар ислеп шығылды.
Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен жәрияланған илимий-техникалық жойбарлар таңлаўының 39-турына «Аралбойы шараятында бедениң «Қарақалпақ-15» сортының өнимдарлығын жақсылаў ҳәм бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестириў» темасындағы 2022-2023-жылларға мөлшерленген әмелий жойбары усынылып, илимий-техникалық кеңесте табыслы қорғалды ҳәм қаржыландырыў ушын министрликтиң коллегиясында көрип шығылмақта. Жойбарда институт илимпазлары тәрепинен жаратылған, жоғалып кетиў қәўпи астында болған айрықша белги ҳәм өзгешеликлерге ийе бедениң жергиликли «Қарақалпақ-15» сортын қайта тиклеў, сортлылығын жақсылаў ҳәм бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылған.
Сондай-ақ, институттың тәжирийбе хожалығында от-жемлик егинлердин сырт ел ҳәм жергиликли коллекциялық сорт үлгилериниң бирлемши туқымгершилигин шөлкемлестирип, супер элита ҳәм элита туқымгершилигин жетистириў ҳәм жоқары сапалы туқымлар шарўашылыққа қәнигелестирилген агрокластер ҳәм фермер хожалықларына жеткерип берилмекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы