Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Өмирова Тақыятас районы «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы сайлаўшылардың мүрәжаты бойынша автомашиналар көп қатнайтуғын   Ш.Рашидов көшесине пиядалар өтиў жолы белгисин орнатыў бойынша район ҳәкими И.Маткаримовқа депутатлық сораў жоллаған еди.

Депутат сораўы район ҳәкимлиги тәрепинен қысқа мүддет ишинде үйренилип, «Такыятас жоллардан пайдаланыў» унитар кәрханасы тәрепинен көшеге пиядалар өтиў жолы сызылып, арнаўлы жол белгиси орнатылды.

Сондай ақ, райондағы 8-cанлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры И.Аралбаеваның мектеп жанынан өтиўши үлкен магистраль көпир қапталындағы тосықлардың жоқ екенлиги,  бул жағдай көпир арқалы мектепке катнайтуғын оқыўшылар ушын қәўип туўдыратуғынлығын билдирип депутатқа мүрәжәт етти.

Бул мәселе бойынша, оқыўшылар ҳәм аймақта жасаўшы пуқаралардың  қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде көпирде оңлаў жумысларын алып барыў бойынша район ҳәкимине депутатлык сораў жиберилди.

Нәтийжеде,  «Тақыятас жоллардан пайдаланыў» унитар кәрханасы тәрепинен 4К4 улыўма пайдаланыў автомобиль жолының «Жайҳун» МПЖ аймағынан өтиўши 1,26 км. бөлиминде жайласқан темир-бетон көпириниң қаптал тәрепиндеги пиядалар өтиў орнындағы қәўипсизлик тосықлары қайта қурылып мүрәжәт өз шешимин тапты.

 

Сайлаўшылардың исенимин айрықша жуўапкершилик пенен қабыл етип, олардың мүрәжатларын тийисли тәртипте үйренип, ўәкиллиги шеңберинде шешиўде ҳәр бир депутаттан айрықша искерлик талап етиледи. Бул өз гезегинде пуқаралардың бүгинги күнинен разы болып жасаўында  оғада үлкен әҳмийетке ийе.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги