Алдын хабар етилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёев орынлардағы дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен сөйлесиў мақсетинде 16-октябрь күни Ташкент ўәлаятында болды.

Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятының сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.

Жоқары Шыршық районында «Astrum» IT академиясы ашылды. Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаятына сапары ўақтында бул жерде жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Еки қабатлы имарат заманагөй үскенеленген, 700 ден аслам компьютер менен тәмийинленген. Ол билимлендириў ҳәм өндиристи қамтып алған кластер болады. Жаслар бәринен бурын программаластырыўды үйренип, кейин усы тараўда жумыс ислейди. Олардың өзлестириўин жасалма интеллект баҳалайды.

Ҳәзирги күнде кластерде оқыў тилегинде болған жаслар таңлап алынбақта. Президентимиз олар менен сәўбетлести.

– Егер заманға мүнәсип боламан, өз жумысымды табаман, жақсы жасайман десеңиз, усы тараўды үйрениң. Келешекке инвестицияңыз – усы. Ҳәм билим алып, ҳәм әмелде енгизип, шаңарағыңыз, елимизге жәрдемши боласыз, деп исенемен, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге бул жерде жаслар ушын коворкинг орай, турақ жай қурыў бойынша көрсетпе берилди.

– Бизлер ушын жаслар сиясаты – биринши орында. Бул жерде қәбилетли, билимли балалар оқыйды. Оларға заманагөй, еркин шараят жаратыў керек. Турақ жайы да, аўқатланыўы да, спорты да, дем алыўы да усы жерде болыўы зәрүр. Мәмлекетлик шөлкемлер, санаат кәрханаларының буйыртпаларын қәлиплестирип, бул қәнигелерди жумыс пенен тәмийинлеў әҳмийетли, – деди Президент.

Шавкат Мирзиёев усы жылы 18-март күни Шыршық қаласында болғанында Ифтихор мәҳәллесиндеги жағдайды көрген, адамлардан аймақтағы машқалаларды сорап оларды шешиў бойынша ўазыйпалар белгилеген еди.

Ҳақыйқатында да, қала шетинде жайласқан бул мәҳәлле көп жыллар итибардан шетте болып келгени себепли көп қабатлы турақ жайларда бир талай машқалалар топланып қалған еди. Ыссылық системасы жақсы ислемейтуғын, балалар ушын ойын майданшалары жоқ, көшелер жақтыландырылмайтуғын, жоллар оңлаўға мүтәж еди.

Президенттиң сапарынан кейин мәҳәлле пүткиллей өзгерди. 16 көп қабатлы турақ жайдың коммунал тармақлары ҳәм сыртқы келбети жаңаланды. Турақ жайлар алдында балалар спорт майданшалары, автомобиль туратуғын орынлар шөлкемлестирилди. Жоллар асфальтланып, көшелерге жақтыландырыў шырақлары орнатылды. Аймақ абаданластырылып, көклемзарластырылды. Мәҳәлле пуқаралар жыйыны ушын жаңа имарат, китапхана қурылды.

Мәҳәллеге тутас аймақта 50 еки қабатлы коттеджлер қурылмақта. Ҳәр бир турақ жай 3 ханалы болып, оларға 4 сотыхтан жер ажыратылады. Турақ жайлар шаңарақлардың ийелерине барлық қолайлықлары менен, таяр ҳалда тапсырылады.

Президент дәслеп усы коттеджлердиң қурылысын көзден өткерди.

Шыршық қаласында бүгинги күнде 165 мыңнан аслам халық жасайды. Келешекте халық санының артыўын есапқа алып Ифтихон мәҳәллеси жанында заманагөй турақ жай массиви бой тиклемекте.

Бул массив 2,5 мың квартиралы 39 көп қабатлы турақ жайдан ибарат болады. Соңғы басқышта және 3,5 мың шаңараққа мөлшерленген 56 турақ жай қурылады. Усы тәжирийбени келешекте ўәлаяттың басқа да қалаларында да даўам еттириў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысына мине усы ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Шавкат Мирзиёев мәҳәлле бойлап жүрип, қурылыс жумысларын көзден өткерди.

Мәҳәлледеги 300 орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, 1 мың 250 орынға ийе 7-улыўма билим бериў мектеби де ири оңлаўдан шығарылған. Мәмлекетимиз басшысы мектептеги шараятлар менен танысты.

– Сизлер заманагөй билим алып, ертең Жаңа Өзбекстанның мүнәсип мийрасқорлары болып камалға келиўиңиз ушын барлық шараятларды жаратамыз. Жақсы оқып, саламат болып камалға келсеңиз, мениң нийетим усы. Себеби, қүдирет – билимлендириўде, билимде, – деди Шавкат Мирзиёев балаларға.

Усы жерде мәҳәлле белсендилери, нуранийлар менен сәўбетлести.

– Көплеген қалаларға, алыс аўылларға барып, халқымызды разы етиўге ҳәрекет етип атырмыз. Шыршықта да адамлар қыйналып, үмитсизликке де түсип қалған еди. Мине, енди өзгерислерди көрип, исеним пайда болды, «ислесе болар екен ғо!» деп атыр. Турақ жайлар қурылып атыр, суў, ыссылық системасы жақсыланып атыр, бағлар жаратылып атыр. Бундай жумыслар еле даўам етеди. Шыршықты адамлар келип ҳәўес ететуғын қалаға, ўәлаятта үлгиге айландырыўымыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәҳәлле белсендилери кең көлемли дөретиўшилик жумыслары Шыршықтың шырайына шырай, адамлардың өмирине мазмун алып кирип атырғаны, буннан бәрше руўхланып, турмысын және де абат етиў жолында күш-ғайрат, жаңа үмитлер менен жасап атырғанын айтып, мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Президентимиз Шыршық қаласындағы «Химиклер» мәденият сарайын да барып көрди.

Бул мәкеме қаланың дыққатқа ылайық орынларынан бири болып есапланады. 1958-жылы пайдаланыўға тапсырылған имараттың өзи бир тарийхый дөретпе. Өткен жыллар даўамында бул жерден көплеген талантлы көркем өнер ғайраткерлери жетисип шыққан.

Усы жылы мәденият сарайы оңланды. Имарат ҳәм фонтанлар негизги жағдайын сақлаған ҳалда реставрацияланды. Заманагөй суўытыў ҳәм ысытыў системасы, сес күшейтиў үскнелери орнатылды. Дөгерек ханалары зәрүр мебель ҳәм үскенелер менен тәмийинленди. Усы тәризде, бул жер және адамлардың, әсиресе, жаслардың сүйикли орнына айланды.

Бүгинги күнде мәденият сарайында 6 дөретиўшилик топар жумыс алып бармақта. Бар 24 дөгеректе 1 мың 700 ден аслам ул-қыз шуғылланбақта.

Президентимиз бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты, сабақлар процесин көзден өткерди.

Мәденият сарайында 700 орынға мөлшерленген концерт залы бар. Усы жерде балалар қосықлар ҳәм намалар атқарды.

Мәмлекетимиз басшысы олардың оқыў ҳәм дөретиўшилигине табыслар тилеп, устазларына миннетдаршылық билдирди. Жуўапкерлерге мәденият сарайының жумысын кеңейтиў, дөгереклер ҳәм дөретиўшилик топарларды турақлы қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берди.

 

Абдулазиз МУСАЕВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршылары