Миллий сайлаў нызамшылығы ҳүжжетлеринде ҳәм халықаралық сайлаў стандартларында сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны өткериў басқышларында бақлаў институтының орны әҳмийетли болып, бириншиден, сайлаў кампаниясының ашық-айдын өтиўине хызмет етеди, екиншиден, сайлаў комиссиялары жумысларының ашықлығын тәмийнлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Сиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, сондай-ақ басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар өз жумысын тийисли комиссиялар тәрепинен берилген мандатлар тийкарында әмелге асырады.

Бақлаўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе:

сайлаў комиссияларының мәжилислеринде қатнасыў;

талабанларды усыныўға бағышланған мәжилислерде, талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларында қатнасыў;

сайлаў участкасында болыў, таярлық жумысларының барысын, жасырын даўыс бериў кабиналарының яки бөлмелериниң жайластырылыўын ҳәм сайлаў қутыларының мөрлениўин, пуқаралардың дизимге алыныўын, сайлаў бюллетенлериниң оларға берилиўин бақлаў;

сайлаў күни даўыс бериў процесин бақлаў;

мүддетинен бурын даўыс бериўди өткериў ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар болыў ҳәм усы процесслерди бақлаў;

сайлаўшының жасап турған орнында оның руқсаты менен даўыс бериў процесин бақлаў;

даўыслар саналып атырғанда ҳәм сайлаў комиссиясының баянламасы дүзилип атырғанда қатнасыў;

сайлаў процеси ҳәм даўыс бериўдиң жасырынлығын бузбастан фото, видео, аудио жазыўларды әмелге асырыў (қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў, әскерий бөлимлер, емлеў мәкемелери буннан тысқары);

сайлаў нәтийжелери ҳаққындағы ҳүжжетлердиң тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған көширме нусқаларын сораў ҳәм алыў;

округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен участкалық сайлаў комиссияларынан даўысларды санап шығыў нәтийжелери ҳаққындағы баянламаларды қабыл етип алыў ҳәм округ бойынша сайлаў нәтийжелерин анықлаўда болыў:

–әскерий бөлимлерде, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларына барыўы ҳаққында кеминде үш күн алдын участкалық сайлаў комиссиясын хабардар етиў;

– егер сайлаў участкасында сайлаў нызамшылығы талаплары бузылыўына жол қойылған деп есаплаў ушын тийкарлар болса, өз бақлаўшылары ҳаққында сол участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларына олардың жумысына араласпаған ҳалда мәлим етиў;

– сайлаў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлери ҳаққында, сондай-ақ, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оның өткерилиўи бойынша өз пикирин билдириў ҳуқықына ийе.

Сайлаў процесинде бақлаўшылардың ҳуқықлары менен бирге олардың миннетлери де өз алдына белгиленген. Атап айтқанда, бақлаўшылар бақлаў ҳуқықын қолға киргизгеннен кейин өз жумысларына төмендегилерге мәжбүр есапланады:

– өз жумысында Өзбекстан Республикасы Конституциясына, Сайлаў кодексине, Орайлық сайлаў комиссиясының қарарларына әмел етеди;

-барлық дәрежедеги сайлаў комиссияларына, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары ҳәм басқа шөлкемлерге барғанда оған берилген мандат ҳәм өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти қасында алып барыўы ҳәм де лаўазымлы шахслар талабына муўапық оларды көрсетиўи;

– өз жуўмақларын жеке өзи өткерген бақлаў ҳәм ҳақыйқый материаллар менен тийкарлаўы шәрт.

Бақлаўшыларға сайлаў процесинде төмендегилер қадаған етиледи:

-сайлаўшы сайлаў қағазына өз белгисин қойған ўақтында даўыс бериў кабинасында ямаса ханасында болыўы;

-сайлаўшыларға тәсир өткериў, қандайда бир материалды яки әдебиятты тарқатыў;

– сайлаўшылардан олардың кимди жақлап даўыс бергенлигин сораўы яки сайлаўшыларға сайлаў қағазына белги қойыўда жәрдем бериўи;

-участкалық сайлаў комиссиясының жумысларына, соның ишинде, сайлаў қутылары мөрленип атырған ўақтында, ашылып атырғанда, даўыслар санап шығылып атырғанда араласыў;

-сайлаў күни ҳәм даўыс бериў басланыўынан 1 күн алдын жәмийетшилик пикири сораўларының нәтийжелерин, сайлаў нәтийжелери болжаўларын, өткерилип атырған сайлаўға байланыслы басқада изертлеўлерди жәриялаў.

 

Насиба Қутлымуратова,

Қарақалпақстан Республикасы

Әдиллик министрлиги бас мәсләҳәтшиси

Қарақалпақстан хабар агентлиги