Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде 2021-жылдың күтилип атырған макроэкономикалық көрсеткишлери, 2022-2024-жылларға мөлшерленген макроэкономикалық прогнозлар, 2022-жыл ушын Мәмлекетлик бюджеттиң жойбары додаланды.
Мәжилисте атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында республикамызда алып барылып атырған кең көлемли социаллық-экономикалық реформалар, сондай-ақ, коронавирус пандемиясы дәўиринде исбилерменликти ҳәм халықты қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық қорғаўды күшейтиў бағдарында көрилген илажлар өз нәтийжесин бермекте. Өткен дәўирде мәмлекетте макроэкономикалық сиясат, соның ишинде, салық-бюджет сиясаты экономикалық жеделликти ямаса жалпы талапты хошаметлеўге қаратылды.
Дәслепки статистикалық мағлыўматлар быйылғы жылдың 9 айлық жуўмақлары менен республикамызда жалпы ишки өнимниң 6,9 процентке өскенин көрсетпекте.
Бул дәўирде 338 мың қосымша жумыс орны жаратылды. 77 мыңға шамалас жаңа исбилерменлик субъекти өз жумысын баслады. Инвестициялар көлеми жалпы ишки өнимге салыстырғанда 32 процентти қурады.
Быйылғы жылдың 9 айында экспорт көлеми, алтын экспортын инабатқа алмаған ҳалда 34,1 процентке өсип, 8,9 миллиард долларды қурады.
Быйылғы жылдың жуўмағы бойынша мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң өсиўи 6,5-7 процент әтирапында болыўы, бунда санаатта өндирис көлеми – 9,1, қурылыс жумысларының көлеми – 6,6, хызметлер тараўы 8,6 ҳәм аўыл хожалығы – 2,8 процентке көбейиўи күтилмекте.
Халықаралық валюта қоры тәрепинен жақында басып шығарылған мағлыўматларда Өзбекстан экономикасы быйылғы жылы 6,1 процентке өсиўи айтылған.
Мәмлекеттиң орта мүддетли макроэкономикалық көрсеткишлери прогнозының тийкарғы сценарийсында келеси бес жылда ЖИӨ ның орташа өсиў пәти 6,5 процентте болыўы прогноз етилген.
Атап айтқанда, 2022-жылы ЖИӨниң 5,9 процентке өсиўи, келеси жылларда болса өсиў пәтлериниң буннан жоқары болыўы есап-санақ етилген.
Ҳүкимет алдында 2026-жылға барып халықтың жан басына туўра келетуғын ЖИӨ муғдарын 2800 долларға жеткериў ҳәм 2030-жылға барып болса 4000 доллардан арттырыў ҳәм орта дәраматлы мәмлекетлердиң жоқары топарына кириў ўазыйпасы турыпты.
Мәжилис даўамында буны тек ғана белгилеп алынған структуралық реформаларды кешиктирместен, толық әмелге асырыў арқалы мәмлекеттиң инвестициялық тартымлылығын ҳәм өндирис өнимдарлығын өсириў менен тәмийинлеў мүмкинлигине айрықша әҳмийет берилди. Реформаларды әмелге асырыўға жуўапкер болған министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының жумысына сын көзқарастан баҳа берилди.
Макроэкономикалық турақлылықты сақлап қалыў, атап айтқанда, инфляция дәрежесин 2022-жылда 9 процентке шекем, орта мүддетте 5 процентке шекем азайтыў, мәмлекет қарызын толық дәрежеде услап турыў және мәмлекетлик бюджет жетиспеўшилигин келеси жылда 3 проценттен арттырмаў зәрүр екенлиги белгилеп алынды.
2021-жылда да коронавирус пандемиясы ақыбетлерин жумсартыў ушын мәмлекетимизде хошаметлеўши салық-бюджет сиясаты жүргизилмекте. Республикадағы кешиктирип болмайтуғын социаллық-экономикалық мәселелерди шешиў ушын Бюджет нызамына тийисли өзгерислер киргизиў арқалы 2021-жылда бюджетке 27 триллион сумнан аслам қосымша қаржылар ажыратылды.
Атап айтқанда, «Абат мәҳәлле» ҳәм «Абат аўыл» бағдарламалары шеңберинде мәҳәллелердеги ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаў, бақшалар, мектеплер ҳәм денсаўлықты сақлаў объектлерин оңлаў ҳәм басқа да инфраструктура объектлерине улыўма 15,8 триллион сум, коронавирусқа қарсы гүресиў илажларына қосымша 1,3 триллион сум ажыратылған .
Усы жылы улыўма бюджет жетиспеўшилигин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 5,5 проценттен асырмаў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына қосымша дәраматларды қәлиплестириў, быйылғы жылы әмелге асырыў зәрүрлиги болмаған қәрежетлерди оптималластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
2022-жылғы салық сиясатында республикамыз экономикасының инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде бир қатар өзгерислер усыныс етилмекте.
Атап айтқанда, 2022-жылдың 1-январынан баслап юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкасын 2 проценттен 1,5 процентке шекем азайтыў;
пайда салығын есаплаўда инвестициялық шегирме муғдарын жаңа технологиялық үскенелер ушын 10 проценттен 20 процентке шекем, имаратлар ушын 5 проценттен 10 процентке шекем арттырыў мөлшерленбекте.
Буннан тысқары амортизация нормаларын орташа 2,5 есеге арттырыў усыныс етилмекте.
2022-жылғы бюджет жойбарының қәрежетлер бөлегинде инсан капиталын раўажландырыў, социаллық қорғаўды және де күшейтиў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, аймақларда халықтың турмыс шараятын жақсылаў илажларының үстинлиги белгиленген.
Мәмлекетлик бюджет жойбарында социаллық тараўға қаржы арыжатылыўының үстинлиги тәмийинленген ҳалда, олардың 45 процентке шамаласы билимлендириў тараўына бағдарланбақта. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине ҳәмме илажларды ҳәм тәрбияланыўшылардың саны артқанлығын инабатқа алған ҳалда усы жылға салыстырғанда 2,2 триллион сум көбейтилип, 8,7 триллион сум, халық билимлендириўине 30,3 триллион сум ямаса 6,5 триллион сум көп, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириўге 7,5 триллион сум ямаса 3,1 триллион сум көп қаржы ажыратылмақта.
2022-жылы денсаўлықты сақлаў тараўына 22,6 триллион сум ямаса улыўма қәражетлердиң 11 проценти режелестирилген.
2022-жылда социаллық напақа алыўшы мүтәж шаңарақлардың саны 2021-жылдағы орташа 1 миллион 200 мыңнан 1 миллион 440 мыңға шекем артық, улыўма шаңарақлардың 16,5 проценти қамтып алынады. Район ҳәм қалалар бюджетлериниң 5 проценти, яғный 1,4 триллион сум қаржы «Ашық бюджет порталы» арқалы тиккелей пуқаралар тәрепинен билдирилген усынысларды қаржыландырыўға бағдарланады.
2022-жылы мийнет ҳақы, социаллық напақалар, стипендиялар ҳәм пенсиялардың муғдарын инфляция дәрежесинен жоқары пәтлерге арттырыў ушын бюджет жойбарында жетерли қаржылар нәзерде тутылған.
2022-жыл Бюджетнамасында халықаралық финанс институтлары экспертлериниң техникалық жәрдеми тийкарында ислеп шығылған, министрликлер ҳәм уйымлардың гезектеги үш жыллық бюджет қәрежетлери бойынша раўажландырыў бағдарламаларының мақсетли индикаторлары көрсетилмекте.
Мәжилисте барлық басшы хызметкерлер мәмлекетлик бюджеттиң ҳәр бир сумы нәтийжели жумсалыўына жуўапкер екени айрықша атап өтилди.
Жоқарыдағыларды инабатқа алған ҳалда, 2022-жылы консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигин быйылғы жылы күтилип атырған жалпы ишки өнимге салыстырғанда 5,5 проценттен 3,0 процентке шекем азайтыў зәрүр екенлиги белгилеп алынды.
Мәжилисте билдирилген усынысларды инабатқа алған ҳалда 2022-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбарын ҳәм Бюджетнама Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизиледи.
ӨзА