Пайтахтымыздағы Халықаралық медиа-холлда сайлаў процесслерин кеңнен сәўлелендириўге  байланыслы илажлар, ашық сөйлесиўлер, дөгерек сәўбетлесиўлери қызғын руўхта даўам еттирилмекте. Бүгин журналист ҳәм блогерлер ушын медиа-тренинг шөлкемлестирилди. Онда сайлаў процесслерин сәўлелендириўдиң өзине тән тәреплери додаланды.

Медиа-тренингте Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети доценти Гулнора Нишонова мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли сиясий процессти кеңнен сәўлелендириўде журналистлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң орны, қатнасыўы, ҳуқықлары, ўазыйпалары ҳәм кәсиплик жуўапкершилиги сыяқлы мәселелерде мағлыўматлар берди.

Бизге белгили, ҒХҚ халық ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары арасындағы көпир, дәлдалшы есапланады. Демек,  қалыслық, анықлық бул тараў ўәкиллери итибар қаратыўы зәрүр болған әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Әсиресе, сайлаў процесслерин сәўлендириўде  журналист, бәринен бурын, сайлаў нызамшылығын пуқта билиўи, этика қағыйдаларына әмел етиўи, сиясий билим ҳәм тәжирийбеге ийе болыўы үлкен әҳмийетке ийе болған принциплерден бири болып есапланады.

Тренингте сайлаў процесслерин сәўлелендириўдиң әҳмийетли бағдарлары, компонентлери, журналисттиң сайлаў нызамшылығын билмеўи ақыбетинде жүзеге келетуғын жағдайлар, ҒХҚ ўәкиллери даўыс бериў процесинде ҳәм оннан кейинги жағдайларда қандай тәртипте жумыс алып барыўы зәрүр екенлиги сыяқлы мәселелерге тоқтап өтилди. Сондай-ақ, Сайлаў кодексинде белгилеп қойылған тәртип-ғақыйдалар ҳаққында да мағлыўматлар берилди.

Әмелий тәризде шөлкемлестирилип атырған медиа-тренингте қатнасыўшылар топарларға бөлинген ҳалда сайлаў процесслериниң барысы, усы процессти саўлелендириўдеги жетискенликлер, кемшиликлер, машқалалар талланды. Соңында ҳәр бир топардың  анық жуўмақлары, пикир-усыныслары тыңланды.

– Сайлаў процесслерин сәўлелендириўде журналисттиң бир қолында қәлем болса, бир қолында нызам болыўы зәрүр, – дейди Г.Нишонова. – Әне сонда ғана барлық процесслерди ҳадал ҳәм ҳақыйқый сәўлелендире алады. Бүгинги медиа-тренингте сайлаўалды үгит-нәсият жумыслары даўамында, даўыс бериў күни және ақырғы нәтийжелерди есап-санақ  етиў процесслеринде журналист қандай позицияда турыўы зәрүр екенлиги ҳаққында сөйлестик. Яғный, ҒХҚ ўәкили анықлық ҳәм ҳақыйқатлық, ашық-айдынлық, бийтәреплик принциплерине әмел еткен ҳалда процессти барынша көрсетиўи зәрүр. Мәселен, журналист ямаса блогер сенсациялық хабар таярлайман деген умтылыста нызамды билмей турып қандай да бир қәте мағлыўматты талласа, ақыбетте бул да ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин. Сондай екен, сайлаў процесин сәўлелендириўде, бәринен бурын, нызамшылықты пуқта билиў зәрүр.

Бул тренинг тиккелей журналистлер ҳәм блогерлер ушын сайлаў процесслерин  сәўлелендириўдиң өзине тән тәреплеринен және де толық хабардар болыў, жәмийетимиздеги жаңаланыў  процесслерин және де ашық-айдын, оператив ҳәм толық  сәўлелендириўине жәрдем бериўде үлкен әҳмийетке ийе.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы