Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1991-2021-жыллардағы Пәрманларына тийкарланып пенсиялардың муғдары 67 мәрте арттырылды.
Бул ҳаққында Пенсия қорының баспасөз хызмети хабар берди.
Буннан, 2021-жыл сентябрь айында бир айлық орташа пенсия муғдары Ташкент қаласында 1 250 992 сумға, Наўайы ўәлаятында 1 176 323 сумға, Ташкент ўәлаятта 1 012 617 сумға, Бухара ўәлаятында 941 411 сумға жетти.
Соның ишинде, пенсияның орташа муғдары Сырдәрья ўәлаятында 936 392 сумға, Қарақалпақстан Республикасында 918 930 сумға, Самарқанд ўәлаятында 902 172 сумға, Қашқадәрья ўәлаятында 876 728 сумға, Хорезм ўәлаятында 870 800 сумға, Сурхандәрья ўәлаятында 850 685 сумға, Жиззақ ўәлаятында 848 930 сумға, Ферғана ўәлаятында 836 856 сумға, Наманган ўәлаятында 802 125 сумға ҳәм Әндижан ўәлаятында 801 640 сумға жетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги