Бүгин, 20-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат ағзалары, Министрлер Кабинетиниң жуўапкерлери, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилип атырған жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги