Бурын хабар бергенимиздей, бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.
Нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 5 статьясында нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ушын тайынланатуғын жәриймалар муғдары ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың қәўиплилик дәрежесинен келип шығып, кескин азайтылмақта. Атап айтқанда, мүддети өткен қамсызландырыў полиси ямаса қамсызландырыў полисинде нәзерде тутылмаған шахс автотранспорт қуралын басқарғанлығы ушын жәрийма муғдары еки есеге азайтылып атыр.
Сондай-ақ, транспорт қуралларының ийелери тәрепинен қамсызландырыў полисин алмағаны ушын жәрийма пуқараларға еки есеге, лаўазымлы шахсларға болса үштен бир бөлегине азайтылмақта. Пуқаралар тәрепинен валюта қунларын нызамсыз алыў ямаса өткериў ушын жәрийма муғдары базалық есаплаў муғдарының он есесинен жигирма есесине шекемги муғдар аралығында белгиленбекте.
Усыныс етилип атырған нызам жойбары менен бухгалтериялық есап ҳәм есабаты тәртибин бузғаны ушын лаўазымлы шахсларға жәриймалар муғдары дерлик еки есеге, жолаўшыларды лицензиясыз тасыў менен шуғылланғаны ушын жәрийма муғдары үш есеге азайтылмақта.
Пуқаралар тәрепинен шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети болмаған, ўақтынша ямаса турақлы дизимнен өтпеген пуқарларды турақ жай имаратларында жасаўға руқсат бергени ушын жәрийма муғдарын 735 мың сум, жыл даўамында қайтадан жүз берген жағдайда 1,225 миллион сум етип белгилеў усыныс етилмекте.
Депутатлардың айтыўынша, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи ҳәкимшилик жазалар муғдарының адамгершилик, әдиллик принциплерине муўапық түрде азайтылыўына алып келеди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы