18-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилиси өзиниң жумысын баслады.
Мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Президенти жумысының тийкарғы кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына қосымша киргизиў ҳаққында»ғы Нызам жойбары додаланған. Нызам жойбарын депутатларға әдиллик министри Русланбек Давлетов усыныс етти. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими хабар берди.
Атап өтилиўинше, Нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң парықлаўшы белгилери, яғный өз белгиси ҳәм штандарты (байрағы) бойынша қағыйдалар киргизилмекте.
Сырт еллерде Мәмлекет басшысының өз белгиси ҳәм штандарты жаңа сайланған Президентке ант қабыл еткеннен кейин тапсырылыўы белгиленген. Өзбекстан Республикасы нызамшылығында бул мәселелер тәртипке салынбағаны ушын, нызамшылықты тийисли мазмундағы норма менен толықтырыў усыныс етилмекте.
Бул тәртип лаўазымға сайланған шахсты президентлик лаўазымына жүкленген қыйын ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырылыўына халық ҳәм жәмийет тәрепинен билдирилген исеним сыпатында хызмет ететуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги