Жасы үлкенлер үйимиздиң периштеси, төримиздиң жарасығы. Олар бар екен, шаңарақ пайызлы ҳәм аўызбиршиликли. Нураний кекселеримиз өзлериниң ақыл–нәсияты, баҳалы мәсләҳәти менен бәрқулла бизди туўры жолға бағдарлап отырады. Сонлықтанда, оларды қанша ҳүрмет–иззет етсек те арзыйды.
Қарақалпақстан Республикасы судының басламасы менен суд тараўында узақ жыллар жемисли мийнет еткен суд нуранийлары менен ушырасыў өткерилди. Тарийхқа нәзер салып, бүгинги бахытлы заманға шүкирлик етиӯ, жасларды мине, усындай ең ағла пазыйлетлер менен жуӯапкершиликти терең сезиниў, кәсипке садықлық руўхында тәрбиялаўда усындай ушырасыӯлар оғада әҳмийетли.
Онда сөзге шыққан суд нуранийлары өзлериниң қандай шараят ҳәм дәўирде жумыс ислегенине қарамастан, өз антына, судьялық кәсибине садық болғанлығын турмыслық мысалларда айтып берген болса, бүгинги күнде усы тараўда нәтийжели жумыс алып барып атырған судьялар әмелге асырылып атырған системалы реформалар, олардың нәтийжелери ҳәм суд корпусы судьяларының жумысы туӯралы кеӊ түрде мағлыўмат берди. Судьялық кәсиби оғада жуўапкершиликли ҳәм қыйын екенлиги айтып өтилди.
Устазлық мәртебе, шәкиртлик машаққат деген. Солай екен, таңлаған кәсибиңнен устазлық дәрежесине ерисип, шәкирт болыўдай уллы бахытқа миясар болыў ушын тек ғана тынымсыз изленис, ҳәрекетте болыў талап етиледи. Буныӊ ушын көп оқып, үйрениўден ҳасла жалықпаў керек. Ушырасыӯға келген устаз судьялар жасларға мине, усындай өзлериниң ақыл-нәсиятлары менен жақсы тилеклерин айтты.
Билдирилген пикирлер, турмыслық мысаллар менен айтылған мағлыўматлар ушырасыў қатнасыўшыларында айрықша тәсир қалдырды. Жаслар да усы мазмунда өзлерин толғандырып жүрген сораўларына жуўап алды.
Гүлайым ҒАНИЕВА,
Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги