Президент Шавкат Мирзиёев орынлардағы дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 11-октябрь күни Қашқадәрья ўәлаятында болды.

Мәмлекетимиз басшысы сапарын Қаршы районындағы Абу Муин Насафий мақбарасын зыярат етиўден баслады. Қуран оқылды, Жаратқаннан елимизге тынышлық, абаданлық тилеп пәтия етилди.

Бул уллы ағартыўшы XI әсирде жасаған. Мотуридия тәлийматының даўамшысы, ақида илиминиң жетик билимданы сыпатында динимиздиң пәклигин сақлаған, алжасқанларды ағартыўшылық пенен дурыс жолға баслаған. Бирақ узақ жыллар оның мийрасы да, зыярат етиў орны да итибардан шетте қалып кеткен еди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен уллы ағартыўшының мақбарасы абат ҳәм үлкен зыярат орнына айландырылды. Мәмлекетимиз басшысы усы қурылыс жумыслары менен танысты.

Бул жерде жаңа мешит, музей, китапхана ҳәм административлик имаратлар қурылған. Тереклер, гүллер егилип, шырайлы бағ шөлкемлестирилген. Абу Муин Насафий китапларының аты ҳәм үгит-нәсиятлары жазып қойылған. Зыярат орнында XI әсирге байланыслы естелик ҳәм қудық, XIII әсирде қурылған ески мешит де сақланып қалған.

Президентимиз жаңа мешит ҳәм музейди кирип көрди. Музейде Абу Муин Насафийдиң өмири ҳәм шығармалары мультимедиа қураллары арқалы сәўлелендирилген. Бул жерде әййемги Самарқанд қағазына жазылған Қураны кәримниң түп нусқасы, материалға  тоқып жазылған муқаддес аятлар да сақланбақта.

Шавкат Мирзиёев уллы ағартыўшының шығармалары ҳәзирги күнде де әҳмийетли екенлигин, олардың мәнисин халқымызға, жасларға жеткериў кереклигин атап өтти. Сол мақсетте Қаршы мәмлекетлик университети жанында  Абу Муин Насафий атындағы илимий орай шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Шавкат Мирзиёев Қаршы қаласындағы Президент мектебинде қашқадәрьялы сайлаўшылар менен ушырасты.

Мәмлекетимизде қәнигелестирилген билимлендириўдиң жаңа системасы – Президент мектеплери шөлкемлестирилди. Усы жылы Қаршы қаласында да мине усындай мектеп пайдаланыўға тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы Қашқадәрья ўәлаятына сапары ўақтында бул мәкемени көзден өткерди.

168 орынлық мектеп имараты ҳәм жатақхана Президент мектеплериниң стандарты тийкарында қурылған. Пән ханалары, лабораториялар, спорт залларында ең заманагөй шараятлар жаратылған.

Быйыл мектепке 10 мыңнан аслам оқыўшы ҳүжжет тапсырып, соннан 144 и қабыл етилди. Билимлендириў процеси раўажланған мәмлекетлер тәжирийбеси тийкарында оқыў режелери ҳәм бағдарламалары бойынша инглис тилинде алып барылады. Оның ушын ең маман муғаллимлер, соның ишинде, 10 сырт елли қәниге тартылған. 15 орынлық муғаллимлер мийманханасы қурылған.

Президент Шавкат Мирзиёев оқыўшылар менен сөйлести.

– Бул өмириңиздеги биринши ҳәм ең үлкен жеңисиңиз. Мине, усы жеңис пенен сизлерди қутлықлайман, ата-анаңызға рахметлер айтаман. Өз келешегиңизге тийкар жаратып атырсыз. Ўақыттан, бул шараятлардан үнемли пайдаланың. Бүгинги табыс – тарийх. Және де көбирек оқып, излениўден тоқтамаң. Келешекте жаңа Өзбекстанның мүнәсип перзентлери болып жетисесиз. Мен оған исенемен, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент мектеби менен ўәлаяттағы басқа мектеплер арасында тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, усы тийкарда анық пәнлерди оқытыў методологиясын жаңалаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Қашқадәрья ўәлаяты Репрессия қурбанлары естелиги музейин барып көрди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-октябрьдеги бийлигине муўапық, репрессия қурбанларының естелигин мәңгилестириў ҳәм мийрасын үйрениў бойынша көп жумыслар исленбекте. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда репрессия қурбанлары музейи шөлкемлестирилди.

Қашқадәрьядағы музей Одина мешитинде жайластырылған. Бул терең мәниге ийе. Себеби ол тарийхый имарат.

Одина мешити 1386-жылы Саҳыпқыран Әмир Темур тәрепинен қурылған. 1868-жылы Россия патшалығының басқыншылығы дәўиринде мешиттиң әйўан бөлими топтан оққа тутылып, ўайран етилген. Езиўши дүзим дәўиринде дәслеп қоймахана, 1938-жылдан қамақханаға айландырылған.

– Езиўши дүзим дәўиринде халқымыздың қәдир-қымбаты, адамгершилик ар-намысы аяқ асты етилген. Сондай уллы орынның қамақханаға айландырылғаны да оған мысал Биз бүгин мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаўға айрықша итибар қаратып атырмыз. Өткенлердиң ҳүрметин де орнына қойымыз керек. Бул жерде Репрессия қурбанлары естелиги музейиниң шөлкемлестирилгени – тарийхый әдилликтиң тиклениўи, – деди Президент.

Музей 11 бөлимнен ибарат. Оларда Түркстан үлкесинде алып барылған колониялық сиясат ҳәм репрессияларды сәўлелендиретуғын сийрек гезлесетуғын фотосүўретлер, карталар, затлар ҳәм басқа да дәреклер сәўлелендирилген.

Сондай-ақ, музейде жаслар клубы ҳәм китапхана шөлкемлестирилген. Мәмлекетимиз басшысы бул жерде журналистлердиң сораўларына жуўап берди.

Соның менен, Президент Шавкат Мирзиёев Қашқадәрья ўәлаятына сапарын жуўмақлап, Бухараға жөнеп кетти.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Ўлмас БАРОТОВ,

ӨзАның хабаршылары