Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Эргашев 11-октябрь күни Америка Қурама Штатлары Конгресси Ўәкиллер палатасы Сыртқы ислер комитетиниң баслығы Грегори Микс басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Жоқары дәрежеде болып өткен сөйлесиўде Өзбекстан – Америка бирге ислесиўиниң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны және де раўажландырыў перспективалары додаланды.

Еки тәреплеме күн тәртибиниң тийкарғы бағдарлары бойынша көплеген тараўлар, соның ишинде, саўда-экономикалық, сиясий, транспорт ҳәм транзит және логистиканы жаңа басқышқа алып шығыў зәрүр екени атап өтилди.

Атап өтилиўинше, Өзбекстан Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылық орнатыўға, мәмлекетти регионаллық экономикалық процесслерге, соның ишинде, ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў арқалы тартыўдан мәпдар.

Конгрессменлер Өзбекстанның сырт еллер пуқараларын Аўғанстаннан эвакуациялаўды шөлкемлестириўде және аўған халқына гуманитарлық жәрдем көрсетиўде белсене қатнасып атырғанлығын айрықша атап өтти.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы