Бүгин, 9-октябрь күни 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Видеоконференциялық байланыс тәризинде өткерилген мәжилиске округлик сайлаў комиссиясының ағзалары, барлық қала ҳәм районлар ҳәкимликлериниң, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасы, «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы, «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖның тийисли жуўапкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы Улықбек Жалменов басқарып барды.

Мәжилис күн тәртибинен участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 29-статьясы талапларының орынланыўы, мүддетинен алдын даўыс бериўди шөлкемлестириў, сайлаў участкалары ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының коронавирус пандемиясы шараятында сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге таярлық жумысларының барысы, соның менен бирге, сайлаў участкаларының телефон байланысы, интернет ҳәм электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлениў жағдайы бойынша мәселелер орын алды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 29-статьясына муўапық, пуқараларға участкалық сайлаў комиссиясы имаратында сайлаўшылар дизими менен танысыў, сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясының расмий веб-сайты арқалы сайлаўшылар дизиминен өзлерине тийисли мағлыўматлар менен танысыў имканияты тәмийинленеди. Сырт еллерде болып турған пуқараларға сайлаўшылар дизиминдеги өзине тийисли мағлыўматлар менен танысыў имканияты Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханаларының рәсмий веб-сайтлары арқалы да тәмийинленеди.

Сайлаўшылардың дизимлери сайлаўға он бес күн қалғанда, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында, санаторийларда ҳәм дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм басқа стационарлық емлеў мәкемелеринде, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар болып турған жерлерде, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген участкаларда болса сайлаўға үш күн қалғанда ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылады.

Участкалық сайлаў комиссиясы дизим менен танысыў орны ҳәм ўақты ҳаққында хабардар етеди. Сайлаў комиссиялары сайлаўшылардың дизимлери ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылғаннан кейин де оларға өзгерислер киргизиўи мүмкин. Сайлаўшылардың дизимлерине өзгерислер киргизиў сайлаўға бес күн қалғанда тоқтатылады.

Мәжилисте усы мәселелер бойынша районларға бириктирилген округлик сайлаў комиссиясы ағзалары ҳәм тийисли жуўапкерлер мағлыўмат берди.

Күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясына муўапық, сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе екенлиги. мүддетинен алдын даўыс бериў сайлаўға 10 күн қалғанда басланып, сайлаўға 3 күн қалғанда жуўмақланыўы белгиленгенлиги атап өтилди.

Мүддетинен алдын даўыс бериўди әмелге асырыў ушын сайлаўшы сайлаў күнинде бола алмаўының себеплери (мийнет демалысы, хызмет сапары, сырт елге шығыў ҳәм т.б.) көрсетилген арза тийкарында тийисли участкалық сайлаў комиссиясынан сайлаў бюллетенин алады.

Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 5-октябрьдеги 1142-санлы қарарына тийкар мүддетинен алдын даўыс бериў усы жылдың 14-20-октябрь күнлери азанғы 09:00 ден кешки 19:00 ге шекем әмелге асырылады. Мәжилисте қала ҳәм районлардағы участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен мүддетинен алдын даўыс бериўди шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды.

Сондай-ақ, мәжилис даўамында Президент сайлаўын өткериўде коронавирус тарқалыўының алдын алыў бойынша Инструкцияға муўапық сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге таярлық жумысларының барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасы, соның менен бирге, сайлаў участкаларының телефон байланысы, интернет тармақлары менен тәмийинлеўи бойынша «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы ҳәм сайлаў участкаларының электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлениў жағдайы бойынша «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖның мәлимлемелери тыңланды.

Мәжилис күн тәртибине муўапық көрип шығылған мәселелер бойынша 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.

 

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы.