Хожели районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Қудайбергенов Айбек Римбаевич тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мағлыўмат ушын, А.Қудайбергенов усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қарақалпақстан Республикасы Агросанаат комплекси қадағалаў инспекциясының Хожели районлық бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.