7-май күни мәмлекетимизге жаңадан тайынланған сырт елли елшилер тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыў салтанатлы мәресими болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Венгрия елшиси Йожеф Рожа, Иран Ислам Республикасы елшиси Муҳаммадали Искандарий, Чехия Республикасы елшиси Любомир Фреборт, Оман Патшалығы елшиси Вафо ал-Бусаидий, Алжир Халық Демократиялық Республикасының елшиси Муҳаммад Ирқийдан исеним жарлықларын қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы сырт ел дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының тайынланғаны менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм олар ўәкиллик етип атырған мәмлекетлерди жақынластырыў, көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдағы әҳмийетли орнын атап өтти.

Өзбекстан Президенти глобаллық геосиясий ҳәм экономикалық машқалалар ҳәўиж алып атырған, турақлы раўажланыўға қәўип-қәтерлер барған сайын күшейип атырған ҳәзирги дәўирде мәмлекетлер арасында конструктивлик сөйлесиўди, дос ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды жолға қойыўда дипломатлардың жумысы және де айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

«Өзбекстан – 2030» стратегиясында Өзбекстан Республикасы сыртқы сиясатының ең тийкарғы бағдарлары өз көринисин тапқан. Соның ишинде, дүнья жүзиндеги барлық мәмлекетлер менен дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, экономикамызға сырт ел инвестицияларын тартыў, өндирис ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, жеке меншик сектор ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў.

– Бүгинги Өзбекстан – дүнья жүзине кеңнен ашылып атырған, сырт елли шериклер менен узақ мүддетли ҳәм кең көлемли байланысларды избе-из раўажландырып атырған тынышлықты сүйетуғын ҳәм әдил социаллық мәмлекет болып есапланады, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан экономикасы кейинги жети жылда еки есеге өскени, инвестициялар, саўда айланысының көлеми үзликсиз артып атырғаны, экспорт географиясы кеңейип атырғанына итибар қаратты. Дүнья жүзиндеги жетекши компаниялар, белгили брендлер базарымызға жедел кирип келмекте.

Күни кеше 93 мәмлекет ўәкиллериниң қатнасыўында өткен үшинши Ташкент инвестициялық форумы ҳәм Сырт елли инвесторлар кеңеси мәжилисиниң табыслы өткерилгени де буның айқын тастыйығы болып есапланады.

Өзбекстан буннан былай да халықаралық майданда ашық, прагматикалық ҳәм интакер сыртқы сиясатты избе-из даўам еттириўди атап өтип, мәмлекетимиз басшысы елшилердиң дыққатын олар ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер менен қатнасықларды сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа дәрежеге көтериў әҳмийетли екенине қаратты.

Президентимиз Венгрия елшисине мүрәжат етип, Будапешт Өзбекстанның Европадағы әҳмийетли ҳәм ўақыт сынақларынан өткен исенимли шериги екенин атап өтти.

– Кейинги жылларда Бас министр Виктор Орбан менен биргеликтеги исенимли умтылыс ҳәм анық мақсетке қаратылған ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде байланысларымыз стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди, – деди Президент.

Сондай-ақ, еки тәреплеме товар алмасыў еки есеге өсти, биргеликте кәрханалар саны артпақта, өткен жылы Будапештте Өзбекстан елшиханасы ашылды, жүзден аслам өзбекстанлы студент «Stipendium Hungaricum» бағдарламасы шеңберинде Венгрия жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алмақта. Елимиз базарында Венгрияның «OTP Bank», «Bonapharm», «Gedeon Richter», «Meditop» сыяқлы бир қатар жетекши компания ҳәм банклери табыслы жумыс ислемекте.

Ташкент ҳәм Будапешт арасында авиақатнаўлар басланыўы исбилерменлик байланыслары ҳәм туризм алмасыўларын және де жеделлестириўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Иран менен Өзбекстан арасындағы байланыслар көп мың жыллық тарийхый тамырлардан күш алып атырғанын атап өтти. Бүгинги Иран үлкен экономикалық, мәдений ҳәм интеллектуаллық потенциалға ийе мәмлекет. Кейинги жыллардағы жоқары дәрежедеги тарийхый сапарлар ҳәм ерисилген әҳмийетли келисимлер қатнасықларымызда жаңа раўажланыў дәўирин баслап берди.

Барлық дәрежеде өз-ара сөйлесиўлер жеделлести. Еки тәреплеме саўда көлеми артпақта, биргеликтеги кәрханалар саны 300 ге жетти. Атап өтилгениндей, тәреплер товар алмасыўды 1 миллиард долларға жеткериў бойынша анық режелерди белгилеп алған.

Өзбекстан Иран менен таў-кән, энергетика, химия санааты, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика тараўларындағы бирге ислесиў көлемин кеңейтиўден мәпдар.

Транспорт коридорлары ҳәм транзит бағдарындағы бирге ислесиў потенциалын толық иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Президентимиз Чехия Республикасы Өзбекстанның Европа Аўқамындағы дәстүрий ҳәм әҳмийетли шериги екенин атап өтти. Өткен жылы ҳүкимет делегацияларының өз-ара сапарлары еки тәреплеме байланысларымызды жаңа басқышқа көтерди.

Тек ғана өткен жылдың өзинде өз-ара саўда еки есеге көбейгени бирге ислесиў бағдарында үлкен имканиятлар бар екенин айқын тастыйықлайды. Өзбекстанда Чехияның жетекши компаниялары санаат, инфраструктура, медицина, қурылыс материаллары ислеп шығарыў тараўларында табыслы жумыс алып бармақта «Ташкент-Прага» авиақатнаўлары жолға қойылмақта.

Келисилген инвестициялық жойбарларды толық әмелге асырыў ҳәм санаат кооперациясы бойынша бағдарламаны қабыл етиў әҳмийетли екени атап өтилди. Чехия Экспорт банки ҳәм Экспортты кепиллеў ҳәм қамсызландырыў корпорациясының мәмлекетимиз банк-қаржы базарына кириў режелери жоқары баҳаланды.

Президентимиз Оман Патшалығы Өзбекстанның Жақын Шығыс региондағы әҳмийетли бирге ислесиўшилеринен бири екенин атап өтти. Муқаддес ислам дини, уқсас үрп-әдет ҳәм қәдириятлар бирге ислесиўимиздиң беккем тийкары болып есапланады.

– Ташкентте Султан Ҳайсам Ол Саидтиң қатнасыўында ашылған Шығыстаныў институтының саўлатлы китапханасы мәмлекетлеримиз арасында өзине тән дослық белгиси болып келмекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Еки мәмлекеттиң бирге ислесиўинде еле иске қосылмаған оғада үлкен потенциал бар. Тез арада Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилисин өткериў, Исбилерменлер кеңесин дүзиў зәрүр екени атап өтилди.

Аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, телекоммуникация, тоқымашылық санааты, туризм сыяқлы тараўлар бирге ислесиў ушын перспективалы болып есапланады. Өзбекстан-Оман инвестициялық компаниясының имканиятларынан үнемли пайдаланыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Алжир араб-мусылман дүньясы жедел пәт пенен раўажланып атырғаны, үлкен экономикалық потенциалға ийе мәмлекет. Африка континентиндеги перспективалы шеригимиз екенин атап өтти. Алжир араб мәмлекетлери арасында биринши болып Ташкентте өз елшиханасын ашқан.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўларды шөлкемлестириў, сиясий мәсләҳәтлесиўлер механизмин енгизиў, Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин өткериў зәрүр екени, бул еки тәреплеме қатнасықларға жаңа пәт бағышлайтуғыны атап өтилди.

Нефть-газ, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында анық инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын делегациялардың өз-ара сапарларын шөлкемлестириў зәрүр екени атап өтилди.

Мәресим жуўмағында Президентимиз елшилерге абырайлы жумысында үлкен табыслар тилеп, мәмлекетимиз аймақларына барыў, елимизде болып атырған дөретиўшилик жумыслар менен танысыўға шақырды. Бул, сөзсиз, бирге ислесиў беккемленетуғынына хызмет ететуғынын атап өтти.

Дипломатлар қызғын қабыллағаны, нәтийжели жумысына жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан менен көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыўға бар ис-ҳәрекетлерин жумсайтуғынын атап өтти.

ӨзА