Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң  мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов 4-5-октябрь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болды.

Сапардың тийкарғы ўақыялары 5-октябрь күни Көксарай резиденциясында болып өтти.

Түркменстан Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Мәресимнен кейин Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Гурбангули Бердимуҳамедов тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Түркменстан жетекшисин қызғын қутлықлап, 27-сентябрь күни белгиленген байрам – усы мәмлекет ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен және бир мәрте қутлықлады ҳәм дос түркмен халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм абаданлық тиледи.

– Ҳәр бир ушырасыўымыз тарийхый әҳмийетке ийе айрықша ўақыя болып есапланады. Барлық ерисилген келисимлер турмысқа енгизилди ҳәм халықларымызға хызмет етпекте. Бүгин шериклигимиздиң әҳмийетли мәселелерин толық додалаў ҳәм узақ мүддетли перспективаға жаңа «өсиў ноқатларын» белгилеп алыў ушын жаңа имканият болады. Сизиң сапар етиўиңиз регионаллық ҳәм халықаралық майданда бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Түркменстан Президенти миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар жоқары дәрежеге жеткенин атап өтти.

– Өзбекстан – бизлердиң жақын қоңсымыз ҳәм стратегиялық шеригимиз. Соңғы жылларда бирге ислесиў жедел раўажланып бармақта. Бул сиясатта да, саўда-экономикалық тараўда да, мәдений-гуманитарлық тараўда да өз көринисин таппақта. Регионаллық ҳәм халықаралық мәселелерде бир-биримизди қоллап-қуўатлап атырмыз. Себеби мақсетлеримиз бир, – деди Гурбангули Бердимуҳамедов.

Ушырасыўда мәмлекет басшылары көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик, өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаў принциплерине тийкарланған еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги дәрежесин жоқары баҳалады. Жетекшилер Өзбекстан-Түркменстан көп қырлы бирге ислесиўинде бар мәселелердиң пүткил шеңберин додалап, конструктивлик сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратты.

Соңғы төрт жылда өз-ара саўда көлеми үш есеге көбейип, 400 миллион доллардан артты. Усы жылдың басыдан товар алмасыў және 25 процентке артты.

Усы жыл 14-сентябрь күни болып өткен Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның 16-мәжилиси ҳәм 4-октябрь күни Ташкентте болып өткен Өзбекстан-Түркменстан экономикалық форумының нәтийжелери өз-ара пайдалы саўда-экономикалық байланысларды және де кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Еки мәмлекеттиң, әсиресе, шегаралас аймақлар арасындағы бирге ислесиўдиң потенциалы үлкен екени айрықша атап өтилди. Түркменстанның Лебап ҳәм Дошоғуз ўәлаятлары басшыларының усы жылы 22-сентябрь күни Өзбекстанның Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларына дослық сапар етиўлери буған мысал болып есапланады. Президентлер бундай турақлы ушырасыўлар мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасында өз-ара келисимди беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

 

Регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртиби бойынша пикир алысты. Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларын турақлы өткериў ҳәм усы жылы 6-август күни Авазада өткерилген ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ташкенттеги сөйлесиўлер мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың өз-ара түсинисиў ҳәм татыўлығының – бүгинги күнде жүз берип атырған ўақыялар фонында  оғада әҳмийетли болғанлығын тастыйықлады.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули  Бердимуҳамедовтиң сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўындағы кеңейтилген қурамда даўам етти.

Ушырасыўда биргеликтеги ҳәрекетлер себепли дос мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар сапа жағынан жаңа, стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени айрықша атап өтилди.

Мәмлекет басшылары кейинги жыллардағы өз-ара саўда пәтин қанаатланыўшылық пенен атап өтип, товар алмасыў көлемин және де көбейтиў ушын барлық ресурс ҳәм имканиятларды иске қосыўға келисип алды.

Саўда үйлерин шөлкемлестириў ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына шығыўды нәзерде тутқан ҳалда өз-ара жеткерип берилип атырған өнимлердиң номенкластурасын кеңейтиў ҳәм диверсификациялаў –  усы бағдардағы бағдарлардан бири болып есапланады.

Түрли тармақларда санаат кооперациясын раўажландырыў, соның ишинде, автомобильлерди жыйнаў, химиялық өнимлер, электр ҳәм турмыслық техника, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, пахта талшығы ҳәм мийўе-овощ өнимлерин терең қайта ислеў, логистика инфраструктурасын  жаратыў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары сыпатында белгилеп алынды.

Өзбекстан Президенти тийисли «жол картасы»н таярлаўды усыныс етти.

Тәреплер транспорт тараўында ҳәм транзит жолларын раўажландырыў бойынша бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алды. Ашхабад келисимин биргеликте алға қойыў және Түркменбаши теңиз портының сийрек ушырасатуғын  имканиятларынан пайдаланыўды кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Бул бағдардағы өз-ара муўапықластырылған биргеликтеги ҳәрекетлер жүк тасыўлар көлемин арттырыў және транзит потенциалын әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратады.

Еки мәмлекет аймақларындағы имканиятларды және де толық  иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди. Бирге ислесиўдиң жаңа механизми – Аймақлараралық форум өткериўди жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.

Суў хожалығы тараўындағы бирге ислесиўге жоқары баҳа берилди. 13-сентябрь күни Ташкентте Суў хожалығы мәселелери бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси табыслы өткерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Түйемойын суў сақлағышының Султан Санжар плотинасын реконструкциялаў жойбарын әмелге асырыў басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Халықларымыз арасындағы дослықты  беккемлеў ҳәм өз-ара түсинисиўди күшейтиўдиң әҳмийетли факторы болған мәдений-гуманитарлық тараўындағы бирге ислесиў мәселлери де додаланды.

Мәденият ҳәм кино күнлери, театрлар ҳәм музыкалық топарлардың дөретиўшилик сапарлары, илимпазлардың ушырасыўларын ҳәм усы сыяқлы басқа да илажларды шөлкемлестириў халықларымыздың және де жақын болыўына хазмет етеди.

Усы мәнисте, Ташкент халықаралық кинофестивалын «Жипек жолы дүрданасы» атамасы менен қайта тиклеў басламасы Түркменстан тәрепинен қоллап-қуўатланғаны атап өтилди.

Бүгин мәмлекетимизде түркмен миллетиндеги 200 мыңнан аслам пуқара жасайды. Олар Өзбекстанның көп миллетли халқын қурайтуғын  басқа да барлық миллетлер менен биргеликте бир шаңарақтың перзентлериндей тыныш-татыў жасамақта.

– Түркмен миллетиндеги пуқараларымыз  өз тили, мәденияты, дәстүр ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырыўы ушын буннан былай да барлық шараятларды жаратамыз.  Ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевичтиң басламасы менен Ашхабадта қурылып атырған «Ташкент» бағы халықларымыз дослығының  гезектеги жаңа символы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сөйлесиўлерде Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылық пүткил Орайлық Азия регионында турақлы раўажланыў гиреўи  екени атап өтилди.

-Аўған халқына зәрүр гуманитарлық жәрдем көрсетиўди даўам еттириўге,  бул мәмлекетте әҳмийетли социаллық-экономикалық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда түркменстанлы шериклер менен  жедел бирге ислесиўге таярмыз, – деди Өзбекстан Президенти.

Президентлер халықаралық майданда, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде тығыз  қатнасықты даўам  еттириў ҳәм басламаларды биргеликте алға қойыўға келисип алды.

– Бүгинги ушырасыў нәтийжелери стратегиялық шериклигимизди жаңа, және де салмақлы әмелий мазмун менен байытыўға хызмет етеди, исеним, өз-ара келисимди беккемлеўге имканият береди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Президентлер Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның биргеликтеги басшылықларына ерисилген келисимлерди әмелге асырыўдың анық механизмлерин өз ишине алған «жол картасы»н таярлаўға тапсырма берди.

Сөйлесиўлер жуўмақланғаннан соң, ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан Президентлери Биргеликтеги билдириў қабыл етти. Онда жоқары дәрежедеги ушырасыўдың тийкарғы жуўмақлары сәўлеленген, Өзбекстан-Түркменстан стратегиялық шериклигин және де беккемлеўдиң перспективалы бағдарлары белгиленген.

Мәмлекет басшылары жанында еки мәмлекеттиң министрликлери, уйымлары ҳәм аймақларының басшылары қол қойылған  ҳүжжетлер менен алмасты. Шегаралас аймақларда саўда  орайларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан-Түркменстан шегараалды саўда зонасын шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын тәртипке салыў ҳаққында келисим, Товар алмасыў көлемин арттырыў және кәрхана ҳәм компаниялар арасындағы өз-ара пайдалы шериклик байланысларын кеңейтиў ҳаққында келисим,  Бажыхана шегарасынан өтип атырған товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққындағы дәслепки мағлыўматлар алмасыўды шөлкемлестириў ҳаққындағы Билдириў усылардың қатарына киреди.

Исбилермен топарлар ўәкиллери ушын виза тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисим және  2004-жыл  19-ноябрьдеги Пуқаралардың өз-ара қатнаўлары ҳаққындағы келисимге қосымшалар киргизиў ҳаққында Билдириў еки мәмлекеттиң исбилерменлери ушын қолайлы шараятлар жаратады ҳәм миллетлераралық татыўлықты беккемлеўге хызмет етеди.

Транспорт, транзит тасыўлар, суўды үнемлейтуғын технологиялар, әдиллик, социаллық қорғаў, статистика, өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге байланыслы ҳүжжетлерге қол қойылды.

Улыўма, сапар шеңберинде көп қырлы Өзбекстан – Түркменстан бирге ислесиўиниң дерлик барлық бағдарларын қамтып алатуғын улыўма  23 ҳүжжетке қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев сөйлесиўлер нәтийжели ҳәм мазмунлы болғанын, мәмлекет басшылары еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдың барлық бағдарларын додалағанын атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан ең жақын қоңсы, дос мәмлекетлер, ўақыт пенен сыналған исенимли дос ҳәм шериклер болып есапланады.

– Түркменстан менен бирге ислесиўде халықларымыздың көп әсирлик дослығы, тарийхый-мәдений уқсаслығы, дини, мәнаўий қәдирият ҳәм дәстүрлериниң бир екенлигине тийкарланған стратегиялық шериклик дәрежесине ерисилгенин жоқары қәдирлеймиз.  Бүгинги  сөйлесиўлердиң нәтийжелери  бирге ислесиўди және де беккемлеўге умтылысымыздың қызғын екенлиги ҳәм  исенимли екенлигин және бир мәрте айқын көрсетти. Туўысқан Түркменстан менен жақсы қоңсышылық қатнасықларын және де беккемлеў Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы бағдары екенин айрықша атап өтпекшимен, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан-Түркменстан қатнасықлары, әсиресе, саўда-экономикалық тараўда унамлы пәт менен раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен  атап өтти.

Президентимиз сапар шеңберинде қол қойылған Шегараалды саўда зонасын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим, сондай-ақ, үшинши мәмлекетлерден  келип атырған импорттың орнын Өзбекстан ҳәм Түркменстанда ислеп шығарылып атырған ҳәм еки мәмлекет базарларында талабы жоқары болған бәсекиге шыдамлы өнимлер менен толықтырыўға байланыслы келисим өз-ара саўданы көбейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Санаат кооперациясын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Тәреплер энергетика , аўыл хожалығы, санаат, химия, транспорт ҳәм логистика  тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм анық жойбарларды әмелге асырыўға келисип алғаны тән алынды.

Аймақлараралық шерикликти жеделлестириў мәселелери де додаланғаны атап өтилди. Шегаралас ўәлаятлар арасындағы турақлы  тикеллей сөйлесиў және ҳәр жылы Өзбекстан ҳәм Түркменстан аймақлары форумын өткериў экономикалық бирге ислесиўди өсириўдиң жаңа драйвери болып хызмет етиўи бағдарында исенимли пикир билдирилди. Бундай форматтағы биринши ушырасыў келеси жылы Хийўада өткериледи.

Мәмлекет басшылары транспорт тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Өз-ара жүк тасыў көлеми артқанын атап өтип, тәреплер  транспорт  жолларынан нәтийжели пайдаланыў ушын буннан былай  да қолайлы шараятлар жаратыўға, сондай-ақ, Арқа-Қубла ҳәм Батыс-Шығыс бағдарларындағы өз-ара  байланыслылықты беккемлеўге хызмет ететуғын инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўға келисип алды.

Суў ресурслары ҳәм экология темасы, климат өзгериўи мәселелери мәмлекетлеримиздиң экономикалары ушын шешиўши әҳмийетке ийе. Усы мүнәсибет пенен Президент Шавкат Мирзиёев Суў хожалығы мәселелери бойынша Өзбекстан-Түркменстан биргеликтеги комиссиясы өз жумысын баслағанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиўлер күн тәртибинен регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери әҳмийетли орын ийеледи.

Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық структуралар шеңбериндеги тығыз сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Еки мәмлекеттиң мәдений, илимий ҳәм спорт бағдарлары арасындағы алмасыўларды  даўам еттириў, жаслар ушырасыўларын ҳәм форумларын өткериў, жаслар шөлкемлери арасындағы тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў әҳмийетли екенлиги  атап өтилди. Булардың барлығы туўысқан халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет етеди.

Тәреплер медициналық дипломатияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын биргеликте алға қойыўға, мәмлекетлеримиз халықлары ҳәм пүткил  регионның қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын өз-ара муўапықласыўға қатнас жасаўды ислеп шығыўға келисти.

Президент Гурбангули Бердимуҳамедов сөйлесиўлердиң нәтийжелеринен қуўанышлы екенин билдирди, еки тәреплеме  бирге ислесиў мәселелериниң кең шеңбери бойынша  исенимли ҳәм конструктивлик пикир алысылғанын атап өтти.

– Өзбекстан Түркменстанның әҳмийетли саўда шериклеринен бири болып есапланады. Өзбекстанға бул ретки рәсмий сапардың тийкарғы мақсети – ҳүрметли  Президент, мениң достым Шавкат Мирзиёевты, оның басшылығында мәмлекеттиң мәмлекет системасында,  жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық турмысының барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды мен исенимли  қоллап-қуўатлайтуғынымды көрсетиў, – деди Түркменстан Президенти.

Гурбангули Бердимуҳамедов Шавкат Мирзиёевқа Түркменстан делегациясына көрсетилген қызғын миймандослық ҳәм жыллы қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирди.

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексине барып, Биринши Президентимиздиң ескерткишине гүл қойды.

Бул марҳум жолбасшымыздың естелигине ҳүрмет, халықларымыз арасындағы  мийрим-шәпәәт көриниси болды.

Соның менен Түркменстан Президентиниң мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмақланды.

Ташкент халықаралық аэропортында Гурбангули Бердимуҳамедовты Президентимиз Шавкат Мирзиёев шығарып салды.

 

ӨзА