Көпшилик студентлер ҳәм олардың ата-аналары, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары ректорларының мүрәжатларынан келип шығып, жоқары оқыў орынлары бакалавриатының сыртқы ямаса кешки билимлендириў формалары бойынша базалық төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген ҳәм оқып атырған, соның менен бирге, 2021-жыл 1-ноябрьге шекем коронавирус инфекциясына қарсы шаншылған (вакцина алған) студентлерге 2021-2022-оқыў жылы ушын белгиленген стипендиясыз базалық төлемли контракт муғдарларына бир мәртелик 10 процентлик шегирме берилиўи белгиленди.

Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Еслетип өтемиз, алдын бундай жеңиллик Мәмлекетлик комиссияның протоколы тийкарында тек ғана бакалавриаттың күндизги билимлендириў формасында оқып атырғанлар ушын берилиўи жәрияланған еди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.