«Мийнет түби рәҳәт» – дейди дана халқымыз. Ҳақыйқатында да, өзлериниң қыйтақ жерлеринде аянбай мийнет етип, мийнетиниң рәҳәтин көриў, инсанға өзгеше бир заўық бағышлайды.

Ҳәр жылы қыйтақ жеринде мийнет етип, мийнетиниң нәтийжесинде мол өним ҳәм дәрамат алып атырған заманласларымыз арамызда көпшиликти қурайды.

Тахтакөпир районы Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Гүлхан Ерлепесова да усындай инсанлардың бири. Ол аймақтағы ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен қурып берилген ыссыханада помидор, қыяр, болгар бурышы ҳәм басқа да егинлердиң нәллерин жетистирип, үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып келмекте.

-Аймақтағы ҳәким жәрдемшисниң усынысы менен үй алдына ыссыхана қурып берилди,-дейди Гүлхан апа.-Усы имканияттан нәтийжели пайдаланып, ол жерге помидор, қыяр, болгар бурышын ектим ҳәм оған тәрбия жумысларын жүргиздим. Қыярларымыз әллеқашан писип, өзимизден аўысқан өнимди базарға шығарып саттық. Ең дәслеп 10 мың сумнан сатқан болсақ, ҳәзир 5 мың сумнан сатып атырмыз. Помидор ҳәм болгар бурышы да писиў алдында тур. Оннан да үйге қосымша дәрамат табамыз деп отырыппыз.


Ҳақыйқатында да, сен жерди бақсаң, жерде сени бағады дегениндей бүгинги күни усындай заманласларымыздың пидайы мийнетлериниң нәтийжесинде, аймақларда үй алды қыйтақ жерлеринен мол зүрәәт жетистирип келмекте. Бул болса, әлбетте, базарларымызда овощ-палыз өнимлериниң арзан болыўына өзиниң себин тийгизбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги